Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Қарары
ӨӨзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўдиң қосымша илажлары ҳаққында» 2024-жыл 9-февральдағы ПҚ-66-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын қолланыў көлемин кеңейтиў, суўғарылатуғын жерлердиң өнимдарлығын арттырыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде Министрлер Кабинети қарар етеди:
- Төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы ўақытша реде қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
Пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерге лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў бойынша талап етилетуғын ҳүжжетлер, оларды көрип шығыў ҳәм субсидия ажыратыў ҳаққындағы қарарды қабыл етиў;
Пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерге лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў.
Бунда бул субсидиялар:
Биринши басқышта – 2024-жылы Әмиўдәрья, Төрткүл ҳәм Беруний районларындағы жойбарларды, егер усы районлардағы жойбарларғва ажыратылған қаржылар үнемленсе, басқа районлардағы жойбарларды;
Кейинги басқышта – 2025-жылы Қарақалпақстан Республикасының баслық районларындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын ажыратылады.
- Белгиленсин:
Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине 2024-жылдың май айынан баслап лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегат менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материаллары қәрежетлериниң 100 процентин, бирақ 1 млн сумнан артық болмаған бөлимин қаплап ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен субсидиялар ажыратылады;
2024-жылы усы субсидиялар 2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы кәрханаларын лазерли қурылмаға ийе тегислегиш агрегатлар менен тәмийинлеў ушын субсидияларда нәзерде тутылган қаржылар шеңберинде ажыратылады.
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги Аўыл хожалығы министрлигиниң есап-санақларына тийкарланып 2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидияларға талап етилетуғын қаржылардың нәзерде тутылыўын тәмийнлесин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А. Қўчқоров ҳәм Ж.А. Ходжаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасының Бас министри А. АРИПОВ
Ташкент қ.,
2024-жыл 24-июнь,
348-санлы
Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 24-июньдағы 348-санлы қарарына
ҚОСЫМША
2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққында
ЎАҚЫТША РЕЖЕ
1-бап. Улыўма қағыйдалар
- Усы Ўақытша реже 2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине (кейинги орынларда – талабан) лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген майданларға жумсалған жанар май-майлаў агрегатлар менен тегисленген майданларға ажыратыў тәртибин белгилейди.
Усы Ўақытша реже Қарақалпақстан Республикасындағы лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген суўғарылатуғын егин майданларына енгизиледи.
- Усы Ўақытша режеде төмендеги тийкарғы түсиниклерден пайдаланылады:
субсидия — лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материаллары қәрежетлериниң Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаплап берилетуғын бөлеги;
талабан – Қарақалпақстан Республикасында пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши аўыл хожалыгы субъектлери, соның ишинде, фермер хожалықлары, дийқан хожалықлары, агрокластерлер ҳәм кооперациялар;
«Agrosubsidiya» МТ — Аўыл хожалығы министрлигиниң «Санлы аўыл хожалығы» бирден-бир интеграция платформасы қурамына киргизиў ҳәм аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ушын жеңилликли кредит ҳәм субсидияларды ажыратыў, өним жетистириўшилерге ашық-айдынлық принципи тийкарында хызметлер көрсетиў имканиятларын тәмийинлеп беретуғын мәлимлеме системасы.
- Талабанға лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материаллары қәрежетлериниң 100 процентин қаплаў мақсетинде, бирақ 1 млн сумнан артық болмаған муғдарда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен субсидия бериледи.
Онда 2024-жылы усы субсидиялар 2024-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы кәрханаларын лазерли қурылмаға ийе тегислегиш агрегатлар менен тәмийинлеў ушын субсидиялар нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде ажыратылады.
Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен Аўыл хожалығы министрлигиниң буйыртпасына тийкарланып 2025-жыл ушын талап етилетуғын субсидия қаржылары Өзбекстан Республикасы Мәмлекетдлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутылады.
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылатуғын қаржылар есабы Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлимлеме системасында Аўыл хожалығы министрлиги ушын ашылған жеке ғазна есап бетинде жүритиледи.
- 4. Талабанға лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген жер бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материаллары қәрежетлерин қаплаў мақсетинде ҳәр бир контур ушын бир мәрте субсидия ажыратылады.
- 5. 2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидиялар усы Ўақытша режеге 1-қосымшаға муўапық схема бойынша ажыратылады.
2-бап. Субсидия ажыратыў бойынша арза менен мүрәжат етиў
- 6. Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалган жанар май-майлаў материаллары қәрежетлери ушын субсидия ажыратыўға жәрдемлесиўши Районлық жумысшы топар (кейинги орынларда – район жумысшы топары) усы Ўақытша режеге 2-қосымшаға муўапық үлгили қурамда ҳәр бир районда шөлкемлестириледи.
- 7. Талабан жерлерди лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегислеп болғаннан соң 5 жумыс куни ишинде район жумысшы топарына лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материаллары қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў бойынша «Agrosubsidiya» МТ арқалы арза менен мүрәжат етеди ҳәм төмендегилерди қосымша етеди:
а) тегин майданларын лазерли қурылмаға ией жер тегислегиш агрегатлар менен тегислеў бойынша дүзилген бөлип алып ислеў шәртнамасының нусқасы (егер лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегат талабанның өзине тийисли болса, шәртнама талап етилмейди);
б) лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар мене тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалган жанар май-майлаў материалларын сатып алыў бойынша есап-фактура нусқасы.
Талабан арзадағы мағлыўматлар ҳәм қосымша етилген ҳүжжетлердиң дурыс екенине жуўапкер болып есапланады.
Талабаннан усы бәнтте нәзерде тутылмаған басқа ҳүжжетлерди талап етиўге жол қойылмайды.
3-бап. Талабанның мүрәжатлерин көрип шығыў ҳәм субсидия ажыратыў
- 8.Талабанға лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материалларының қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў бойынша тийисли мағлыўмаларды топлаў, Районлық жумысшы топар жуўмағын таярлаў ҳәм зәрүр мағлыўматларды «Агросубсидия» МТ ға киргизиў менен байланыслы барлық илажлар район аўыл хожалығы бөлими тәрепинен әмелге асырылады.
- 9. айонлық жумысшы топар арза түскен күннен баслап бес жумыс күниниң ишинде:
Арза ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерди усы Ўақытша режениң 7-бәнтинде нәзерде тутылған талапларға муўапық талабан тәрепинен берилгенин үйренип шығады:
Орынға шыққан ҳалда талабан тәрепинен жерлерди лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегат пенен белгиленген талаплар дәрежесинде тегисленгенлигин ҳәм сапасын контурлар кесиминде үйренеди;
Талабан тәрепинен лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегат пенен жерлер талап дәрежесинде тегисленгенлиги анықланғанда, Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳам салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материалларының қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыўға жәрдеслесетуғын Районлық жумысшы топар усы Ўақытша режеге 3-қосымшаға муўапық таярланған жуўмақты «Агросубсидия» МТ арқалы электрон қол таңба менен тастыйықлайды.
- Талабанға лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материалларының қәрежетлерин қаплаўды бийкар етиў ушын төмендегилер тийкар болады:
Талабанның өз арзасына тийкарланып;
Усы Ўақытша режениң 7-бәнтинде нәзерде тутылған ҳүжжетлер толық берилмегенде;
Талабан тәрепинен қәлбеки ҳүжжетлер, дурыс емес яки жалған мағлыўматлар берилгенде;
Талабан болған аўыдл хожалығы субъекти тамамланғанда.
Усы бәнтте көрсетилмеген басқа тийкарлар менен талабанға субсидия ажыратыўды бийкар етиўге жол қойылмайды.
Районлық жумысшы топар субсидия ажыратыўды бийкар еткен жағдайда талабанға бир күн мүддетте «Агросубсидия» МТ арқалы бийкар етиўдиң анық себеплерин көрсеткен ҳалда хабарнама жибереди.
Субсидия ажыратыў бийка етилген талабан район жумысшы топардың қарарында көрсетилген бийкар етиў себеплерин хабарнаманы алған күннен баслап бес жумыс күниниң ишинде сапластырған ҳалда қайта мүрәжат етиўи мүмкин.
Талабан район жумысшы топардың субсидия ажыратыўды бийкар етиў ҳаққындағы қарардан наразы болған жағдайда, белгиленген тәртипте жоқары туратуғын шөлкемге яки судқа шағым етиў ҳуқықына ийе.
- Районлық жумысшы топар талабанға субсидия ажыратыў ҳаққындағы жуўмақты рәсмийлестириўде төмендегилерге жеке жуўапкер болып есапланады:
Район ҳәкими – жумысшы топардың жумысын шөлкемлестириўге ҳәм жумысшы топар тәрепинен талабанның субсидия ажыратыў ҳаққындағы арзасын орынға барған ҳалда мүддетинде ҳәм толық үйренилиўине ҳәм рәсмийлестирилген ҳүжжетлердиң ҳақыйқыйлыгына;
Район ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары – субсидия ажыратыў ҳаққындағы ҳүжжетлер өз ўақтында рәсмийлестирилиўи ҳәм муўапықластырылыўына;
Район аўыл хожалығы бөлими баслығы – тегисленген жердиң өлшеми, контур номерин анықлаў, егин майданларын лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегислеў жумысларының контуралар кесиминде толық сапалы орынланғанына;
Район экономика ҳәм қаржы бөлиминиң баслығы – талабанға хызмет көрсетиўши коммерциялық банк ҳәмсеапбетлер ҳаққындағы мағлыўматлардың ҳақыйқыйлығына;
«Өзагроинспекция»ның районлық бөлиминиң басшысы – жерлерди лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегислеўден жанар май-майлаў өнимлериниң жумсалган муғдарына;
Район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң баслығы – бөлип алып ислеўши шөлкемлер менен егин майданларын лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегислеў бойынша дүзилген бөлип алып ислеў шәртнамасында талабанның ҳуқықы қорғалыўына;
Район прокуроры ҳәм район ишки ислер бөлими баслығы улыўма қадағалаў әмелге асырылыўына.
- Районлық жумысшы топар талабанға субсидия ажыратыў ҳаққындағы жуўмақты рәсмийлестиргеннен соң бир жумыс күниниң ишинде жуўмақты көрип шығыў ушын «Agrosubsidiya» МТ арқалы Аўыл хожалығы министрлигине жибереди.
- Аўыл хожалығы министрлиги:
Суў хожалығы министрлиги ҳәм Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте егин майданларын лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген талабанларға субсидия ажыратыў ҳаққындағы жуўмақты ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерди олар келип түскен күннен баслап үш жумыс күниниң ишинде көрип шығады;
Егин майданларын лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген талабанларға субсидия ажыратыў ҳаққындагы жуўмақты ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерди көрип шығыў нәтийжелерине бола талабанларға субсидия ажыратыў яки ажыратыўды бийкар етиў ҳаққындағы жуўмақты «Agrosubsidiya» МТ арқалы электрон қол таңба менен тастыйықлайды.
Тастыйықланған жуўмаққа муўапық үш жумыс қуниниң ишинде талабанның коммерциялық банктеги есапбетине субсидия қаржыларын өткерип береди.
Егер Районлық жумысшы топар тәрепинен берилген жуўмақ ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерде мағлыўматлардың надурыслығы анықланса, Аўыл хожалығы министрлиги Районлық жумысшы топар басшысы атына анықланған кемшиликлерди бес жумыс күниниң ишинде сапластырган ҳалда жуўмақты қайта бериўи ҳаққындағы хабарнаманы жибереди.
4-бап. Жуўмақлаўшы қағыйдалар
- Қарақалпақстан Республикасында пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерге лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлерин қаплап бериў мақсетинде ажыратылған қаржылардан мақсетли пайдаланыў Мәмлекетлик қаржы қадағалаўы инспекциясы тәрепинен қадағаланады.
- Бул Ўақытша реже талаплары бузылыўында айыплы болған шахслар нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жуўап береди.
2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы ўақытшалық режеге
1-ҚОСЫМША
2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў
СХЕМАСЫ
Басқышлар | Субъектлер | Илажлар | Мүдеттлер | |||
1-басқыш | Пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъект (кейинги орынларда — талабан) | Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материаллары қәрежетлери ушын субсидия ажыратыўға жәрдемлесиўши район жумысшы топарына (кейинги орынларда – район жумысшы топары) «Agrosubsidiya» МТ арқалы арза менен мүрәжат етеди. | Ықтыярлы түрде, егин майданын тегислеп болғаннан соң 5 жумыс күни ишинде | |||
2 басқыш | Район ишки топары | 1. Орынға барған ҳалда талабан тәрепинен жерлерди лазерли қурылмаға ийе тегислегиш агрегат пенен талап дәрежесинде тегисленгенин ҳәм сапасын контурлар кесиминде үйренеди. | 3 жумыс күни ишинде | |||
2. Үйрениў нәтийжелерине бола «Agrosubsidiya» МТ арқалы субсидия ажыратыў бойынша жуўмақты таярлайды ҳәм тастыйықлайды. 3. Талабанға субсидия ажыратыў ҳаққындағы жуўмақты рәсмийлестиргеннен соң көрип шығыў ушын «Agrosubsidiya» МТ арқалы Аўыл хожалығы министрлигине жибереди.. | 1 жумыс күни ишинде | |||||
3- басқыш | Аўыл хожалығы министрлиги | 1.Суў хожалығы министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси менен биргеликте егин майданы лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегат пенен тегисленген талабанға субсидия ажыратыў ҳаққындағы жуўмақты ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлерди көрип шығады. | 3 жумыс күни ишинде | |||
2. Жуўмақ ҳәм ҳүжжетлерди көрип шығыў нәтийжелерине бола, талабанларға субсидия ажыратыў яки бийкар етиў ҳаққындағы жуўмақты тастыйықлайды. 3. Тастыйықланған жуўмақ ҳәм дизимге муўапық талабанның коммерциялық банктағы есап бетине субсидия қаржыларын өткерип береди. | 3 жумыс күни ишинде |
2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы ўақытша режеге
2-ҚОСЫМША
Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлар менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материаллары қәрежетлери ушын субсидия ажыратыўға жәрдемлесиўши район жумысшы топарының
ҮЛГИ ҚУРАМЫ
- Район ҳәкими, жумысшы топар басшысы
- Район ҳәкиминиң аўыл хожалығы ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, жумысшы топар басшысының орынбасары
- Район аўыл хожалығы бөлими баслығы
- Район экономика ҳәм қаржы бөлими баслығы
- «Өзагроинспекция»ның район бөлими басшысы
- Район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығы
- Район «Суў жеткерип бериў хызмети» мәмлекетлик мәкемеси баслығы
- Район прокуроры
- Район ишки ислер бөлими баслығы
2024-2025-жыллары Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлары менен жер тегислеў қәрежетлери ушын субсидия ажыратыў тәртиби ҳаққындағы ўақытша режеге
3-ҚОСЫМША
«ТАСТЫЙЫҚЛАЙМАН» ______________ районының ҳәкими, район жумысшы топар басшысы ________ ___________________ __(қол таңба)______________(Ф.И.О.)________ 20___ жыл «____» _____________ | ||||
Қарақалпақстан Республикасының пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегатлары менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материаллары қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыўға жәрдемлесиўши районлық жумысшы топарының ЖУЎМАҒЫ | ||||
__________ районында пахта, масақлы дән ҳәм салы жетистириўши субъектлерине лазерли қурылмаға ийе жер тегислеў агрегатлары менен тегисленген ҳәр бир гектар егин майданына жумсалған жанар май-майлаў материаллары қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыўға жәрдемлесиўши Районлық жумысшы топар «_____________» МПЖ/фермер хожалығы/дийқан хожалығының 20___ жыл «___»_________ дағы ____-санлы мүрәжаты үйренип шығылды ҳәм төимендегилер анықланды: | ||||
1. Аўыл хожалығы субъектиниң аты: ____________________________. | ||||
2. Егин майданы ҳаққында мағлыўматлар: | ||||
Жәми егин майданы: ______ гектар; контурлар саны: ______; соннан лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегат пенен тегисленген: егин майданы: ______ гектар; контур номери: ______. | ||||
3. Аўыл хожалығы техникасы ҳақкында мағлыўматлар: техника маркасы: ____________; жанар май-майлаў материаллары жумсаў _________ га/л. 4. Лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегат пенен егин майданын тегислеў бойынша шәртнама дүзген жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем аты: ____________, ол менен дүзилген шәртнама номери ҳәм сәнеси: _____-санлы шәртнама, 202__ жыл «____» ________ (егер агрегат талапкерге тийисли болмаса) | ||||
5. Хызмет көрсетиўши коммерциялық банк аты: «___________» АКБ ________ филиалы. | ||||
ЖУЎМАҚ: | ||||
«______________» МПЖ/фермер хожалығы/дийқан хожалығы тәрепинен ____-контурдағы _____ гектар егин майданын лазерли қурылмаға ийе жер тегислегиш агрегат пенен тегислеў ушын жумсалған жәми _____ литр жанар май-майлаў материаллары қәрежетлерин қаплаў мақсетинде ______ млн сум субсидия ажратыў мақсетке муўапық деп табылды. | ||||
Районның жумысшы топар ағзалары: | ||||
Т/р | Ф.И.О. | Қол таңба | Лаўазымы | |
1. | район ҳәкиминиң аўыл хожалығы ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары | |||
2. | район аўыл хожалығы бөлими баслығы | |||
3. | район экономика ҳәм қаржы бөлими баслығы | |||
4. | «Өзагроинспекция»ның район бөлими басшысы | |||
5. | Район фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси баслығы | |||
6. | Район «Суў жеткерип бериў хызмети» мәмлекетлик мәкемеси баслығы | |||
7. | район прокуроры | |||
8. | Район ишки ислер бөлими баслығы | |||
(Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасы, 25.06.2024 ж., 09/24/348/0440-санлы)