Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Елимиздиң туризм индустриясы жедел раўажланыўы ушын қысқа мүддетте ең қолайлы шараят, экономикалық, ҳәкимшилик ҳәм ҳуқықый орталық жаратыў, соның ишинде, салада жеке меншик сектордың айрықша қатнасыўын тәмийинлеў, оның бәсекиге шыдамлылығын ҳәм көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыў, аймақлардың экономикалық потенциалын және дәраматлар базасын кеңейтиў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, миллий туризм өнимлерин жәҳән базарында белсене ҳәм комплексли алға қойыў мақсетинде:
- 2018-2019-жылларда туризмди раўажландырыў бойынша биринши гезектеги илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Биринши гезектеги илажлар бағдарламасы) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Усы қарарда нәзерде тутылған ҳәм Биринши гезектеги илажлар бағдарламасына киргизилген илажларды әмелге асырыўды қаржыландырыўдың дәреклери етип исбилерменлик субъектлери – жойбар баслаўшылары, министрликлер ҳәм ведомстволар – орынлаўшылардың өз қаржылары, тартылып атырған коммерциялық банклердиң кредитлери, шет ел инвестициялары, халықаралық қаржы институтларының ҳәм донор еллердиң заёмлары менен грантлары, қайырқомлық қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер белгиленсин.
- Туризмди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес (кейинги орынларда – Муўапықластырыўшы кеңес) 2-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
Биринши гезектеги илажлардың орынланыўы үстинен системалы қадағалаўды әмелге асырыў, Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (Абдуҳакимов), министрликлер ҳәм ведомстволардың басшыларының есапларын турақлы тыңлап барыў, сондай-ақ, барлық илажлардың белгиленген мүддетлерде сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде олардың жумысын муўапықластырыў, республикада туризм саласының раўажланыўына тосқынлық етип атырған мәселелерди тез көрип шығыў ҳәм шешиў;
туризмди раўажландырыў бойынша тастыйықланатуғын аймақлық бағдарламалардың орынланыўын, аймақлардағы бар имканияттан пайдаланыў ҳәм орынлардағы бюрократлық тосқынлықлар менен иркинишлерди сапластырыўға қаратылған жумыслардың нәтийжелилигин үйрениўди шөлкемлестириў, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери басшыларының есапларын тыңлаў;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм басқа да инталы адамлардан түсетуғын тематикалық кеўилашар бағлар, мәденият объектлери (миллий музейлер, галереялар), туристлик-рекреациялық аймақлар және кластерлер шөлкемлестириў, саяхат етиўдиң айрықша объектлерин қурыў ҳәм имиджге байланыслы басқа да жойбарларды әмелге асырыў бойынша шет ел және елимиз инвесторларының қаржыларын, коммерциялық банклердиң кредитлерин, жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының бюджеттен тысқары қаржыларын тартыў есабынан туризм саласында үлкен инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм салаға байланыслы инфраструктураны раўажландырыў ушын мәмлекеттиң жәрдемин алыўға байланыслы усыныслар менен буйыртпаларды ҳәр жылы көрип шығыў.
- Муўапықластырыўшы кеңес (Арипов) бир ай мүддетте төмендегилерди:
Муўапықластырыўшы кеңес жумысының регламенти ҳәм туризм саласының ҳәр қыйлы бағдарлары бойынша машқалалы мәселелерди көрип шығыў және оларды сапластырыў бойынша усыныслар таярлаўды тәмийинлейтуғын Муўапықластырыўшы кеңес жанындағы эксперт топарлары қурамларын;
Биринши гезектеги илажлар бағдарламасында нәзерде тутылған илажларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў бойынша «жол карталары»н тастыйықласын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
еки ҳәпте мүддетте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери басшылығында туризмди раўажландырыў бойынша аймақлық кеңеслерди шөлкемлестирсин;
министрликлер ҳәм ведомстволар – жуўапкер орынлаўшылар менен биргеликте нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында, сапалы ҳәм толық әмелге асырылыўын тәмийинлесин, ҳәр шеректе Биринши гезектеги илажлар бағдарламасының орынланыўы ҳаққында Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине мәлимлеме усынсын.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң (Абдуҳакимов) 2018-2019-жылларда шет мәмлекетлер менен туризм саласындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша халықаралық шәртнамалар ислеп шығыў ҳәм оларды қол қойыўға таярлаўды шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы 3-қосымшаға муўапық мақуллансын.
Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги (Комилов) Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине (Абдуҳакимов) шет елдеги шериклер менен туризм саласындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша халықаралық шәртнамаларды таярлаў және оларға қол қойыўды шөлкемлестириўде әмелий жәрдем берсин.
- Сырт елли туристлер, соның ишинде, зыярат етиў мақсетинде келип атырған туристлер ушын виза ҳәм дизимнен өтиў тәртиплерин басқышпа-басқыш әпиўайыластырыўға байланыслы усыныслар таярлаў бойынша жумысшы топар (кейинги орынларда – Жумысшы топар) 4-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
Жумысшы топар:
бир ай мүддетте терең үйрениў тийкарында пуқараларына 2018-жылдың 1-январынан виза тәртибин әпиўайыластырыў усынылып атырған еллер ҳәм пуқараларына арнаўлы зыярат етиў туризми бағдарламалары усынылатуғын мәмлекетлер дизими бойынша усыныслар киргизсин;
шет мәмлекетлердиң пуқаралары ушын виза тәртибин әпиўайыластырыў бойынша усынысларды сол мәмлекетлер менен еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыў дәрежесинен, жәҳән туризм базарының конъюнктурасы ҳәм халықаралық және регионаллық қәўипсизлик саласындағы жағдайдан келип шыққан ҳалда турақлы түрде киргизип барсын.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (Абдуҳакимов) «Өзбекистан ҳаўа жоллары» МАК (Тян) пенен биргеликте Малайзия, Индонезия ҳәм басқа еллерден Өзбекистан Республикасындағы муқаддес орынларға зыярат етиў туризми бағдарындағы саяхатшыларды тартыў бойынша жумысларды жеделлестирсин, бул бойынша керекли реклама илажларын өткерсин, логистика, соның ишинде, чартер рейслер шөлкемлестириў мәселелерин шешсин.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (Абдуҳакимов), Экономика министрлиги (Саидова) ҳәм бир қатар коммерциялық банклердиң Бухара ҳәм Самарқанд қалаларындағы туризм аймақлары тәжирийбеси тийкарында Үргенш, Ташкент қалаларында ҳәм Ферғана ўәлаятында туризм аймақларын, сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты Бостанлық районында таў кластерлерин басқышпа-басқыш шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети үш ай мүддетте 2018-2022-жылларда туризм аймақларын ҳәм таў кластерлерин шөлкемлестириўдиң шөлкемлестириўшилик-техникалық мәселелерин нәзерде тутатуғын ҳүкиметлик қарарды қабыл етсин, онда жойбарларды биргеликте қаржыландырыў ҳәм кредитлеў ушын жуўапкер коммерциялық банклерди белгилеўди нәзерде тутсын, сондай-ақ, шет ел инвесторларын өз ўақтында тартыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен жер участкаларының ажыратылыўы, қурылыс жумысларының басланыўы ҳәм сапалы жуўмақланыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (Абдуҳакимов) Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети (Ахмедхўжаев) менен биргеликте шөлкемлестирилип атырған туризм аймақларына ҳәм таў туризми кластерлерине шет ел инвестицияларын тартыў, сондай-ақ, жаңа мийманханалар қурыў ушын республикаға жетекши мийманхана брендлерин мирәт етиў яки елимиздеги мийманхана хожалықларын олардың басқарыўына бериў бойынша илажлар көрсин.
- Өзбекистан Республикасы коммерциялық банклерине:
исбилерменлик субъектлерине жаңа мийманханалар ҳәм басқа да туризм инфраструктура имаратларын қурыў, барларын модернизациялаў ушын узақ мүддетли (15 жылға шекем) кредитлер ажыратыўды әмелиятқа енгизиў, онда кредит ҳәм процентлерди қаплаўдың мийманханалардың капитал талаплылығын ҳәм мәўсимлик жүкленгенлигин есапқа алатуғын шараяттан келип шығатуғын талапларды нәзерде тутыў;
аэропортлар, темир жол вокзаллары, мийманханалар ҳәм басқа да туризм объектлеринде халықаралық төлем системалары менен ислейтуғын банкомат және терминаллардың муғдарын түп-тийкарынан көбейтиў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерине төлемлерди шет ел валютасында қабыл етиў, соның ишинде, байланыссыз электрон төлемлерди енгизиў бойынша қосымша қолайлықлар жаратыў;
исбилерменлик субъектлерине шет ел валютасындағы қаржыларды өткериў бойынша көрсетилетуғын хызметлер, терминаллар ижарасы, еркин конвертацияланатуғын валютадағы нақ пулларды инкассациялаў ҳәм шет ел валютасында операциялар әмелге асырыўға байланыслы басқа да хызметлер ушын жыйымлардың (комиссия төлемлериниң) муғдары максимал дәрежеде оптимал болыўын тәмийинлеў усыныс етилсин.
- 2022-жыл 1-январьға шекем:
мийманханалар – басқарыў хызметкерлери сыпатында тартылған маман шет елли қәнигелердиң мийнетине ҳақы төлеў фондынан бирден-бир социаллық төлем төлеўден;
мийманханаларға басқарыў хызметкерлери сыпатында тартылатуғын маман шет елли қәнигелердиң дәраматлары – физикалық шахслардың дәрамат салығынан азат етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 16-август