Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 17-ноябрьдеги «Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалар муғдарын арттырыў ҳаққында»ғы 196-санлы пәрманына бола, усы жылы 1-декабрьден мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм социаллық напақалар 7 процентке арттырылмақта, яғный:

– пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 372 мың сум;

– жасқа байланыслы ең аз пенсия муғдары – 725 мың сум;

– мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары – 1 млн 50 мың сум етип белгиленбекте.

Президенттиң пәрманы нәтийжесинде 4,5 млн адамның пенсиясы ҳәм напақаларының муғдары көбейеди ҳәм барлық бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақылары декабрьден баслап 7 процентке артқан ҳалда есапланады.

Соны айрықша атап өтиў керек, базалық есаплаў муғдары 1-декабрьден 3 процент муғдарда (7 процент емес!) өзгерип, 340 мың сум етип белгиленбекте. Улыўма алғанда, жыл даўамында мийнет ҳақы, пенсия ҳәм напақалар жәми 14,5 процентке артқан болса, базалық есаплаў оннан азырақ, яғный 13 процентти қурады.

ӨзА