Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Президентимиздиң басламасы менен кеңнен енгизилип атырған «Мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасын нәтийжели шөлкемлестириўге бағышланған семинар-тренинг болып өтти.

         Оған Қарақалпақстан Республикасы, қала ҳәм районлық секторлардың, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң, коммерциялық банклердиң басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинарды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов басқарып барды.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик басқарыў академиясының биринши проректоры Х.Азизов, усы академияның профессор-оқытыўшылары А.Жалилов, Ғ.Сапаев ҳәм басқалар,  «Мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасының мазмун-мәниси, оны нәтийжели шөлкемлестириў бойынша ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, елимиз басшысының 2020-жылдың декабрь айында Хорезм ўәлаятына, быйылғы жылдың февраль айында Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларына сапарында аймақларды «Мәҳәлле кесими» тийкарында раўажландырыў, сектор басшылары менен басқа жуўапкер шөлкемлердиң жумысын усы система тийкарында шөлкемлестириў бойынша бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берген еди.

Усы ўазыйпа ҳәм тәжирийбелерден келип шығып, Қарақалпақстан Республикасында 17 қала ҳәм райондағы 416 пуқаралар жыйынына 373 коммерциялық банклерден орта буўындағы хызметкерлер турақлы ўәкил етип, басқарыў офисине қала ҳәм районлардағы 68 секторға 5 хызметкерден ибарат жәми 336 экономикалық комплекстен басшы және жуўапкер хызметкер бириктирилди. Сондай-ақ, ҳәр бир аймақта  қала ҳәм район ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары басшылығында экономикалық, социаллық ҳәм қурылыс комплекслеринен ибарат муўапықластырыўшы топарлар шөлкемлестирилди.

Соның менен бирге, «Мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасын жолға қойыў мақсетинде 3 буўыннан ибарат  «Турақлы ўәкил», «Басқарыў офиси» ҳәм «Муўапықластырыўшы топарлар»дың қурамы менен ўазыйпалары қала ҳәм районлардағы ҳәр бир секторда шөлкемлестирилген жумысшы топарларға жеткерип берилди.  Усы тийкарда ҳәр бир пуқаралар жыйынының «өсиў ноқатлары»нан келип шыққан ҳалда, үйрениў барысында анықланған кемшиликлер ҳәм усынысларды унамлы шешиў бойынша «Жол карта»лары ислеп шығылмақта.  Бүгинги күни барлық аймақларда, қала ҳәм районларда жумыс «мәҳәлле кесими» системасы тийкарында шөлкемлестирилген болып, секторлар ҳәм басқа жуўапкер шөлкемлердиң басшылары пуқаралар жыйынларында халықтың машқалаларын үйме-үй үйренип, жумыс орынларын жаратыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, солай етип, кәмбағаллықты қысқартыў  илажлары көрилмекте.

Деген менен, айырым басшылардың еле де болса усы системаның әҳмийетин, оның мазмун-мәнисин аңлап жетпей атырғанлығы көзге тасланады. Базы бир орта буўын басшылардың машқаланы шешиўде белсендилик көрсете алмай, оны шешиўге жаңаша қатнас және бирге ислесиў жүдә төмен екенлигин атап өтиў керек. Халықтың машқалалары менен ислесиўде еле де болса нәтийжели механизмлерден пайдаланылмай атыр.   Сонлықтан олардың билимин ҳәм кәсиплик шеберлигин арттырыўды ўақыттың өзи талап етпекте. Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы тәрепинен орынларда өткерилип атырған семинар-тренинглер сектор басшыларының «мәҳәлле кесими» системасы бойынша билим және көнликпелерин арттырыўға қаратылғаны менен де әҳмийетли болмақта.

Семинар-тренингте 3 буўынлы «Мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасының мазмун-мәниси, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» «Жаслар дәптери»н қәлиплестириў, пуқаралар жыйынларында шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў ҳәм халықтың қыйтақ жерлерине хызмет көрсетиў, пуқаралар жыйынларында драйвер тараўларды анықлаў, оларды социаллық-экономикалық  раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыў бойынша кең түрде түсиник берилди.

-Илажда «мәҳәлле баслығы-реформатор» принципин енгизиў, жоқарыда атап өтилген бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў, мониторинг жүргизиў ҳәм муўапықластырыўдың әҳмийети бойынша қатнасыўшыларға Хорезм ўәлаятының тәжирийбеси мысалында мағлыўмат берилди,-дейди Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекетлик басқарыў академиясының кафедра баслығы, профессор Актам Жалилов.-Бундай семинарлар сектор басшылары менен жуўапкер шөлкем басшыларының  машқалаларды системалы шешиўинде, ең әҳмийетлиси, халықты бүгинги күннен разы етиў жолындағы ийгиликли басламаларды дурыс жолға қойыўында айрықша әҳмийетке ийе.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы