Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң баспасөз хаткери Ф.Бабашев Өзбекстанда коронавирус (COVID-19) эпидемиясы бойынша енгизилген карантин режими ўақтында пуқаралар, социаллық тармақ пайдаланыўшылары тәрепинен жоқары билимлендириў министрлиги жумысларына байланыслы сораўларға жуўап берди. Бул ҳаққында министрлик хабар берди.

 

«Өзбекстан Халық билимлендириў ҳәм Жоқары билимлендириў министрлигиниң хабар бериўинше, тек ғана 2020-2021-оқыў жылында академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлерин 2020-жылы питкеретуғын оқыўшылар жеңилликли түрде имтиханларсыз жоқары оқыў орынларына қабыл етилетуғынлығы ҳаққындағы қарар бойынша хабарлар тарқалды. Усы мәселеге анықлық киргизсеңиз», – деген мазмундағы сораўға Ф.Бабашев төмендегише жуўап берди:

 

– Социаллық тармақларда 2020-2021-оқыў жылында улыўма билимлендириў мектеплери ҳәм академиялық лицей питкериўшилериниң имтиханларсыз оқыўға қабыл етилетуғынлығы ҳаққында тарқалған хабарлар ҳақыйқатқа туўра келмейди. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен бундай хабар тарқатылмаған. Министрлик оқыўға қабыллаў тәртибине ҳеш қандай өзгерис киргизилмегенлигин мәлим етеди ҳәм абитуриентлерди жаздағы имтиханлар және тест сынақларына пуқта таярлық көриўге шақырады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.