Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, бәринен бурын, жынайый ҳәрекетлерден қорғаўдың исенимли кепилликлерин тәмийинлеўге, сондай-ақ, олардың абыройы менен қәдир-қымбатының кемситилиўине, нызамлы мәплериниң шеклениўине жол қоймаўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Алып барылып атырған суд-ҳуқық реформаларының негизинде нызам үстинлиги, пуқаралардың нызам алдында тең екени, инсаныйлық, әдалатлылық ҳәм айыпсызлық презумпциясы сыяқлы конституциялық принциплер тийкар етип қойылған.

2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўы бойынша суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги бийғәрезлигин ҳәм еркинлигин тәмийинлеў, әдил судлаўдың сапасын ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў, «Хабеас корпус» институтын қолланыўды кеңейтиў, коррупцияға қарсы гүресиўдиң нәтийжели системасын жаратыўға қаратылған бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Судлар тәрепинен жынаят ислерин қосымша тергеў жүргизиўге қайтарыў тәртибиниң бийкар етилгени суд ҳәм тергеў уйымларының ҳақыйқатты ҳәм жумысты дурыс шешиў ушын әҳмийетке ийе болған басқа да жағдайларды анықлаў, сондай-ақ, нызамлы, тийкарланған және әдалатлы қарар қабыл етиў бағдарындағы жуўапкершилигин арттырыў имканиятын берди.

Нәтийжеде тек ғана 2017-жылдың 10  айы даўамында судлар тәрепинен 191 шахсқа ақлаў ҳүкими шығарылды, соңғы бес жылда тек 7 шахс ғана ақланған. Буннан тысқары, усы жылы дәслепки тергеў уйымлары тәрепинен реабилитация ҳәм басқа да тийкарлар бойынша 3511 жынаят иси жуўмақланған.

Соның менен бирге, ҳуқықты қолланыў әмелиятын талқылаў, халық пенен ашық-айдын пикирлесиў нәтийжелерин улыўмаластырыў нызамшылықта жынаят ислерин тергеў ҳәм көрип шығыў процесинде дәлиллерди жыйнаўда, беккемлеўде, тексериўде және баҳалаўда нызамлылықты және қалыслықты тәмийинлеўге тосқынлық ететуғын ҳуқықый бослықлардың бар екенинен дәрек бермекте.

Бул жағдайлар пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша илажлардың нәтийжелилигине унамсыз тәсир етпекте, ақыбетинде болса, халықтың тийкарлы наразылығына, ҳуқық қорғаў уйымларына ҳәм судтың бийғәрезлигине болған исениминиң төменлеўине алып келмекте.

Нызам үстинлиги, пуқаралардың нызам алдында тең екени, инсаныйлық, әдалатлылық ҳәм айыпсызлық презумпциясы сыяқлы конституциялық принциплерди сөзсиз ҳәм булжытпай тәмийинлеў, суд-тергеў жумысында пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етиў, жынаят-процессуал ҳәм жынаят-атқарыў нызамшылығын буннан былай да жетилистириў мақсетинде, Өзбекистан Республикасы Конституциясының 83-статьясына муўапық:

  1. Нызам ҳүжжетлериниң талапларына сөзсиз ҳәм қатаң әмел етиўге ҳуқық қорғаў ҳәм суд уйымларының биринши дәрежели итибары қаратылсын, оған муўапық нызам нормаларын анық орынлаўдан ҳәм оларға әмел етиўден ҳәр қандай бас тартыў, қандай да бир себеплерге бола келип шығыўына қарамастан, нызамлылықты бузыў есапланады ҳәм нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жуўапкершиликке себеп болады.
  2. Процессуал нызамшылықты анық бузған жағдайда яки нызамсыз усыллар менен, соның ишинде:

жынаят процеси қатнасыўшыларын ямаса олардың жақын туўысқанларын қыйнаў, психологиялық ҳәм физикалық басым өткериў ҳәм басқа да рейимсиз, инсаныйлыққа тән болмаған яки қәдир-қымбатты кемситетуғын қатнасық түрлерин қолланған ҳалда;

гүман етилип атырған шахстың, айыпланыўшының яки судланыўшының қорғалыўға болған ҳуқықын, сондай-ақ, дилмаш хызметинен пайдаланыў ҳуқықын бузған ҳалда;

жынаят процесинде қатнасып атырған шахсқа ҳуқықлары менен миннетлемелерин түсиндирмеў ақыбетинде оны алаң еткен ҳалда;

усы жынаят иси бойынша жумыс алып барыўдың әмелге асырыў ҳуқықына ийе болмаған шахс тәрепинен процессуал ҳәрекетлерди өткериў ақыбетинде;

белгисиз дәректен ямаса жынаят иси бойынша жумыс алып барыў процесинде анықлаў мүмкин болмаған дәректен;

дәслепки тергеў процесинде жәбирлениўшиниң, гүўаның, гүман етилип атырған шахстың, айыпланыўшының, судланыўшының судта бар дәлиллер жыйнағы менен өз дәлилин таппаған көрсетпелеринен;

бар дәлиллердиң жыйнағы менен дәлилленген жағдайлардан тысқары, жәбирлениўшиниң, гүўаның, гүман етилип атырған шахстың, айыпланыўшының, судланыўшының шамалаўға, болжаўға ямаса мыш-мышларға тийкарланған көрсетпелеринен алынған және тийисли түрде юридикалық күшке ийе болмаған мағлыўматлардан жынаят ислери бойынша дәлил сыпатында пайдаланыўға жол қойылмасын.

  1. Төмендегилер қадаған етилсин:

Өзбекистан Республикасы Жынаят-процессуал кодексине тиккелей нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары, судларда жынаят ислериниң ашық көрилиўи принципин шеклейтуғын қосымша талапларды енгизиў;

процессуал нызамшылық нормаларын бузған ҳалда алынған гүўаның, жәбирлениўшиниң, гүман етилип атырған шахстың, айыпланыўшының, судланыўшының көрсетпелери, эксперт жуўмағы, айғақлы затлар, аудио ҳәм ведеожазыў ҳәм басқа да материаллардан дәлил сыпатында пайдаланыў.

  1. Шахсты нызамсыз услап турыў, қамаққа алыў, жынайый жуўапкершиликке тартыў яки ҳүким етиўге себеп болған, ҳүжжетлер ямаса айғақлы затларға биле турып жалған мағлыўматларды ҳәм басқа да бузып көрсетилген фактлерди киргизиў, шынлыққа дурыс келмейтуғын көрсетпе бериўге мәжбүрлеў, жумыс бойынша ҳақыйқый жағдайларды бузып көрсетиў арқалы дәлиллерди қәлбекилестиргени ушын, жалған гүўалық ҳәм хабар бергени ушын жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутқан ҳалда, жынайый жуўапкершилик киргизилсин.
  2. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

сырттан қамаққа алыў түриндеги қәўипсизлик шарасы қолланылған, усланған шахс тийисли ўәкилликли уйымға жеткерилген ўақыттан баслап жетпис еки саат ишинде усы қәўипсизлик шарасын қолланыў ҳаққындағы ажырым үстинен суд тәртибинде даўа етиў ҳуқықына ийе;

дәллиллерди жыйнаўда ҳәм беккемлеўде руқсат етилмеген усыллардың қолланылғаны ҳаққындағы мүрәжатлар прокуратура уйымлары яки суд тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде орнатылған тәртипте медициналық экспертиза өткериў арқалы мәжбүрий тексерилиўи шәрт;

ҳәдийсе жүз берген орынды көзден өткериў (оғада аўыр жынаятлар бойынша), тинтиў, көрсетпелерди ҳәдийсе жүз берген орында тексериў, тергеў эксперименти түриндеги процессуал ҳәрекетлерди видеожазыў қуралларынан пайдаланған ҳалда мәжбүрий видеоға түсириў әмелге асырылады;

қорғаўшы жынаят иси бойынша дәлиллерди жыйнаў ҳәм усыныў ҳуқықына ийе болып, олар жынаят иси материалларына қосып қойылыўы, сондай-ақ, сорастырыў, дәслепки тергеў өткериўде ҳәм жынаят исин судта көрип шығыў ўақтында мәжбүрий тексерилиўи ҳәм баҳаланыўы шәрт;

ҳақыйқый мағлыўматлардың дәлил сыпатында пайдаланыўға мақул емеслиги сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса суд тәрепинен өз басламасы менен яки тәреплердиң өтиниши бойынша белгиленеди. Сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса суд дәлиллериниң дурыс емеслиги ҳаққындағы мәселени шешиўде дәлилдиң мақул емес деп табылыўына тийкар болған нызам бузылыўы өз сәўлелениўин неде тапқанын анықлаўға ҳәм тийкарланған қарар (ажырым) қабыл етиўге мәжбүр;

суд додалаўы процесинде стенография жүргизиледи, оның материаллары жынаят иси материалларына қосып қойылады;

прокурор тәрепинен:

еркинен айырыў түриндеги жазаны өтеп атырған, қамақта сақланып атырған, услап турылған ямаса ҳәкимшилик қамаққа алынған шахслардан жынаятлар ҳаққындағы алынған арза, мәлимлеме ҳәм басқа да мағлыўматларды тезлик пенен дизимге алыў ҳәм шешиў ҳаққындағы жынаят-процессуал нызамшылық талапларына әмел етилиўи;

Бул шахсларға ямаса жақын туўысқанларына психологиялық яки физикалық тәсир көрсетилген болыўы мүмкин екени, сондай-ақ, олардың нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жуўапкершиликтен азат етилиўи бойынша алағада еткени;

нызамсыз жуўапкершиликке тартыў жағдайлары бойынша жоқары туратуғын прокурорды хабардар еткен ҳалда, еркинен айырыў түриндеги жазаны өтеў тәртибин бузғаны ушын судланыўшыларға интизамлы жаза шарасы қолланыўының нызамлылығы бойынша мәжбүрий түрде тексериўлер өткериледи.

  1. Өзбекистан Республикасы Президенти аппаратының Сиясий-ҳуқықый мәселелер хызмети (О.Б.Мурадов) бир ай мүддетте усы пәрманның 1-5-бәнтлеринде нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыўға қаратылған нызам жойбарын Өзбекистан Республикасы Президентиниң нызамшылық басламасы тәртибинде таярласын.
  2. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы:

жынаят ислерин тергеў ҳәм көрип шығыў процесинде дәлиллерди жыйнаў, беккемлеў, тексериўде ҳәм баҳалаўда;

жынаят ислери бойынша услап турыўда ҳәм басқа да процессуал мәжбүрлеў шараларын қолланыўда;

ҳәкимшилик қамақ түриндеги ҳәкимшилик жазаны өтеўде;

ислеген жынаят туўралы нызамда белгиленген мүддетлерде хабар еткен, шын кеўилден пушайман болған, жынаяттың ашылыўына белсене жәрдем берген ҳәм келтирилген зыянды қаплаған шахсларды жынайый жуўапкершиликтен азат етиўди нәзерде тутатуғын нормаларды қолланыўда нызамлылықтың және нызамшылық талапларын бузғанлықтың ҳәр бир жағдайы бойынша жуўапкершилик сөзсиз екенлигиниң тәмийинлениўи үстинен қатаң қадағалаў орнатсын.

  1. Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте тергеў қамақханаларын, ўақтынша сақлаў қамақханаларын ҳәм арнаўлы қабыллаўханаларды, ҳәкимшилик қамақты өтеў орынларын видеобақлаў қураллары менен үскенелеўди тәмийинлесин.
  2. Өзбекистан Республикасы Олий Мажилиси палаталарына Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) тәрепинен жазаны өтеў мәкемелеринде жазаны өтеп атырған, услап турылған ямаса қамақта сақланып атырған, сондай-ақ, ҳәкимшилик қамаққа алынған шахслардың ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етилиўи үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў ҳаққындағы режени ислеп шығыў және тастыйықлаў усыныс етилсин.
  3. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы, Жоқарғы суды, Миллий қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте үш ай мүддетте:

суд-тергеў ҳәрекетлерин алып барыўдың инновациялық түрлери менен усылларынан пайдаланыўдың, сондай-ақ, дәлиллердиң байланысыўы, мақуллылығы ҳәм исенимлилиги ҳаққындағы жынаят-процессуал нызамшылық талапларына әмел етилиўин тәмийинлеўдиң алдынғы шет ел тәжирийбесин үйрениўди және талқылаўды;

ҳәдийсе жүз берген орынның жағдайын өзгертиўге, дәлиллерди жоғалтыў ямаса жоқ етиўге, соның ишинде, қоршап алыў арқалы жол қоймаўға қаратылған биринши гезектеги илажларды көриў тәртибин ислеп шығыўды ҳәм тастыйықлаўды;

нызамшылықты ҳәм жынаят ислерин тергеў ҳәм көрип шығыў усылын буннан былай да жетилистириў, суд-тергеў жумысында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыўды кеңейтиў, жынаят иси бойынша жумыс алып барыўды, соның ишинде, «Электрон жынаят иси» системасын енгизиў арқалы оптималластырыў ҳәм әпиўайыластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыўды ҳәм киргизиўди шөлкемлестирсин.

  1. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи О.Б.Мурадовқа ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 30-ноябрь

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Cуд-тергеў жумысында пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлери кепилликлерин күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманына ТҮСИНИК

Өзбекистан Республикасы Конституциясында инсан, оның өмири, еркинлиги, абыройы, қәдир-қымбаты ҳәм басқа да қол қатылмайтуғын ҳуқықлары жоқары қәдрият деп жәрияланған.

Өзбекистан инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге байланыслы 70 тен аслам халықаралық шәртнамаларға қосылған, оларға әмел етилиўи мәселелери бойынша болса, БМШтың тийисли комитетлерине 30 зыят миллий есап-санақларды усыныс еткен. Инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бойынша, соның ишинде, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман), Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орай, прокуратура, әдиллик, ишки ислер уйымларын өз ишине алған миллий институтлардың үйлесикли системасы жумыс алып бармақта. Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў системасын беккемлеўге қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар системалы түрде көрилмекте.

Атап айтқанда, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўы бойынша суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги бийғәрезлигин ҳәм еркинлигин тәмийинлеў, әдил судлаўдың сапасын ҳәм ашық-айдынлығын арттырыў, «Хабеас корпус» институтын қолланыўды кеңейтиўди нәзерде тутатуғын 50 ден аслам нызам ҳүжжетлери қабыл етилди.

Судлар тәрепинен жынаят ислерин қосымша тергеў жүргизиўге қайтарыў тәртибиниң бийкар етилгени суд ҳәм тергеў уйымларының ҳақыйқатты ҳәм жумысты дурыс шешиў ушын әҳмийетке ийе болған басқа да жағдайларды анықлаў, сондай-ақ, нызамлы, тийкарланған ҳәм әдалатлы қарар қабыл етиў бағдарындағы жуўапкершилигин арттырыў имканиятын берди.

Нәтийжеде тек ғана 2017-жылдың 10  айы даўамында судлар тәрепинен 191 шахсқа ақланыў ҳүкими шығарылды, соңғы бес жылда тек 7 шахс ғана ақланған. Буннан тысқары, усы жылы дәслепки тергеў уйымлары тәрепинен реабилитация ҳәм басқа да тийкарлар бойынша 3511 жынаят иси жуўмақланған.

Соның менен бирге, ҳуқықты қолланыў әмелиятын талқылаў, халық пенен ашық-айдын пикирлесиў нәтийжелерин улыўмаластырыў нызамшылықта жынаят ислерин тергеў ҳәм көрип шығыў процесинде дәлиллерди жыйнаўда, беккемлеўде, тексериўде ҳәм баҳалаўда нызамлылықты ҳәм қалыслықты тәмийинлеўге тосқынлық ететуғын ҳуқықый бослықлардың бар екенинен дәрек бермекте.

Бул жағдайлар пуқаралардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша илажлардың нәтийжелилигине унамсыз тәсир етип, халықтың тийкарлы наразылығына, оның ҳуқық қорғаў уйымларына ҳәм судтың қалыслығына исениминиң төменлеўине алып келмекте.

Усы мүнәсибет пенен, Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен тийкарғы мақсети суд-тергеў жумысында пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерине әмел етилиўи, жынаят-процессуал ҳәм жынаят-орынлаў нызамшылығын буннан былай да жетилистириў, нызам үстинлиги, пуқаралардың нызам алдында тең екенлиги, инсаныйлық, әдалатлылық ҳәм айыпсызлық презумциясы сыяқлы конституциялық принциплердиң әмелий жүзеге шығыўын тәмийинлеўден ибарат болған «Суд-тергеў жумысында пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлери кепилликлерин күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрман  қабыл етилди.

Өзбекистан Республикасы Жынаят-процессуал кодексиниң 11-статьясына муўапық нызам ҳүжжетлерин анық орынлаўдан ҳәм оларға әмел етиўден ҳәр қандай бас тартыў, қандай да бир себеплерге бола жүз бергенине қарамастан, жынаят процесинде нызамлылықты бузыў есапланады ҳәм белгиленген жуўапкершиликке себеп болады.

Мәмлекет басшысы өз Пәрманында ҳуқық қорғаў ҳәм суд уйымларының биринши дәрежели итибарын усы талапларға сөзсиз ҳәм қатаң әмел етиў зәрүрлигине қаратты.

Атап өтилген  уйымлар процессуал нызамшылықты бузған ҳалда ямаса нызамсыз усыллар арқалы алынған мағлыўматлардан жынаят ислери бойынша дәлиллер сыпатында пайдаланыўға жол қоймаў ҳаққында ескертилди. Бундай нызам бузылыўы ҳәм руқсат етилмеген усыллар арасында, биринши гезекте, қыйнаў, психологиялық ҳәм физикалық басым өткериў, басқа да рейимсиз, инсаныйлыққа тән болмаған яки қәдир-қымбатты кемситетуғын қатнас түрлери атап өтилген.

Пәрман менен Жынаят-процессуал кодексинде тиккелей нәзерде тутылған жағдайлардан тысқары, судларда жынаят ислериниң ашық көрилиўи принципин шеклейтуғын қосымша талапларды енгизиў қадаған етилмекте. Процессуал нызамшылық нормаларын бузған ҳалда алынған жәбирлениўшиниң, гүўаның, гүман етилип атырған шахстың, айыпланыўшының, судланыўшының көрсетпелери, эксперт жуўмағы, айғақлы затлар, аудио ҳәм ведеожазыў ҳәм басқа да материаллардан дәлил сыпатында пайдаланыўға жол қойылмайтуғыны атап өтилди.

Нызамшылықта бар бослықты есапқа алған ҳалда, шахсты нызамсыз услап турыў, қамаққа алыў, жынайый жуўапкершиликке тартыў яки ҳүким шығарыўға себеп болған, ҳүжжетлер менен айғақлы затларға биле турып жалған мағлыўматларды ҳәм басқа да бузып көрсетилген ҳалатларды киргизиў, шынлыққа дурыс келмейтуғын көрсетпе бериўге мәжбүрлеў, жумыс бойынша ҳақыйқый жағдайларды бузып көрсетиў арқалы дәлиллерди қәлбекилестиргени ушын жынайый жуўапкершилик киргизилмекте. Сондай-ақ, жалған гүўалық ҳәм хабар бергени ушын жуўапкершилик күшейтилмекте.

Жынаят процеси қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўдиң бир қатар қосымша кепилликлери киргизилмекте.

Атап айтқанда, сырттан қамаққа алыў түриндеги итиятлылық шарасы қолланылған усланған шахсқа тийисли ўәкилликли уйымға келтирилген ўақыттан баслап 72 саат ишинде усы қәўипсизлик шарасын қолланыў ҳаққындағы ажырым үстинен суд тәртибинде даўа етиў ҳуқықы берилмекте.

Қыйнаўға салғаны ҳаққындағы арзаларды өз ўақтында ҳәм қалыслық пенен көрип шығыў мақсетинде дәлиллерди жыйнаўда ҳәм беккемлеўде руқсат берилмеген усыллардың қолланылғаны ҳаққындағы мүрәжатларды прокуратура уйымлары яки суд тәрепинен мәжбүрий тексериў киргизилмекте. Тексериў өткериўде медициналық экспертизаның тайынланыўы шәрт.

Тийкарғы процессуал ҳәрекетлерди видео көриниске алыў дәлиллерди жыйнаўда ҳәм беккемлеўде нызамлылықты ҳәм қалыслықты тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли жаңалықлардан болып табылады. Оғада аўыр жынаятлар бойынша ҳәдийсе жүз берген орынды көзден өткериў, сондай-ақ, тинтиў, көрсетпелерди ҳәдийсе жүз берген орында тексериў, тергеў эксперименти усындай ҳәрекетлерге киргизилди.

Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытқа шекем қорғаўшы дәлиллер емес, ал дәлил сыпатында пайдаланыўы мүмкин болған мағлыўматларды жыйнаў ҳуқықына ийе болған, бул судта жумысларды алып барыўда тартысыў принципиниң бузылыўына алып келетуғын еди. Соның ушын, қорғаўшыға жынаят иси материалларына қосып қойылыўы шәрт болған дәлиллерди жыйнаў ҳәм усыныў ҳуқықы бериледи.

Дәлиллерди жыйнаўдың ҳәм беккемлеўдиң нызамлылығын тәмийинлеўде прокурорға әҳмийетли ўазыйпалар жүкленип, ол еркинен айырылған, қамақта сақланып атырған, услап турылған яки ҳәкимшилик қамақ қолланылған шахслардан жынаятлар ҳаққындағы алынған арза, хабар ҳәм басқа да мағлыўматларды жедел көрсетиў ҳәм шешиў ҳаққындағы нызам талапларына әмел етилиўин мәжбүрий түрде тексериўи шәрт. Сондай-ақ, прокурорға усы шахсларға ямаса олардың жақын туўысқанларына психологиялық яки физикалық басым өткериўине жол қоймаў, олардың жуўапкершиликтен азат етилиўи бойынша алағада етилгенлиги бойынша илажлар көриў де жүкленбекте.

Еркинен айырыў түриндеги жазаны өтеў тәртибин бузғаны ушын судланыўшыларға интизамлы жаза шарасы қолланыўының нызамлы екени прокурор тексериўи менен қамтып алынады. Бул судланыўшылар тәрепинен қағыйда бузғаны бәнеси менен еркинен айырыў орынларында болыўы мүмкин болған өз мәпине пайдаланыўшылықлардың адын алыў имканиятын береди.

Көрсетип өтилген илажлар Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен нызамшылық басламасы тәртибинде киргизилетуғын тийисли нызам жойбарында өз сәўлелениўин табады.

Атап өтилгенлерден тысқары, ўәкилликли уйымларға шөлкемлестириўшилик характердеги бир қатар тапсырмалар берилмекте.

Атап айтқанда, тергеў қамақханаларында, ўақтынша сақлаў қамақханаларында, арнаўлы қабыллаўханаларда, ҳәкимшилик қамақты өтеў орынларында видеобақлаў қуралларын орнатыў тапсырылған.

Алдынғы шет ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында нызамшылықты ҳәм жынаят ислерин тергеў ҳәм көрип шығыў усылын буннан былай да жетилистириў, суд-тергеў жумысында заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыўды кеңейтиў, жынаят иси бойынша жумыс алып барыўды, соның ишинде, «Электрон жынаят иси» системасын енгизиў арқалы оптималластырыў ҳәм әпиўайыластырыў бойынша усыныслар ислеп шығылады.

Өзбекистан Республикасы Президенти Пәрманының әмелге асырылыўы ҳуқық қорғаў ҳәм суд уйымлары жумысында системалы нызам бузылыўлар менен кемшиликлерди сапластырыў имканиятын береди, сондай-ақ, суд-тергеў жумысында пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерине сөзсиз ҳәм қатаң әмел етилиўин тәмийинлейди.