Ҳәзирги ўақытта даўам етип атырған сайлаў процеслерин Интернет тармағы арқалы онлайн режимде бақлаў имканияты жаратылған.
Буның ушын төмендеги силтемеге кириўиңиз керек.
http://elections.uz/uz/lists/camera
Өзбекстан бойынша 20 сайлаў участкасында, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасындағы 4 сайлаў участкасындағы болып атырған процеслерди бақлап барыўыңыз мүмкин.
Булар:
– Нөкис қаласындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби имаратында жайласқан 14-сайлаў участкасы;
– Нөкис медицина колледжи имаратында жайласқан 16-сайлаў участкасы;
– Мойнақ районындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектеби имаратында жайласқан 360-сайлаў участкасы;
– Хожели районындағы Байланыс кәсип-өнер колледжи имаратында жайласқан 516-сайлаў участкасы.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.