Өзбекистан Республикасы Президентиниң  қарары
Елимизде пахташылық тармағын раўажландырыў, пахта тазалаў кәрханаларын модернизациялаў ҳәм техникалық қайта үскенелеў, өндиристиң ҳәм пахта шийки затын қайта ислеўдиң рентабельлигин, сондай-ақ, ислеп шығарылатуғын өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, бул саладағы жумыслардың ҳақыйқый жағдайы өндирис процесслерин тез жаңалаў ҳәм модернизациялаў, алдынғы технологиялар менен корпоративлик басқарыўдың заманагөй усылларын енгизиў, улыўма тармақтың жедел раўажланыўына тосқынлық етип атырған системалы машқалалар менен кемшиликлердиң бар екенинен дәрек береди.
Заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларының толық енгизилмегенлиги ақыбетинде шийки затты қабыллаў, тасыў ҳәм қайта ислеў, таяр өнимлерди реализациялаў процесслери үстинен зәрүр дәрежеде есап-санақ ҳәм қадағалаў системасы орнатылмаған.
Пахта тазалаў кәрханаларының ресурс потенциалы ҳәрекеттеги өндирислик қуўатлықлары арасындағы тең салмақсызлықтың көбейиўине, сондай-ақ, олардың өндирислик жумысын диверсификациялаў бойынша илажлардың өз ўақтында көрилмегенлиги өндирислик қуўатлықлардың әдеўир бөлегиниң бийкар турыўына ҳәм экономикалық жоғалтыўларға алып келмекте.
Пахташылық тармағы кәрханаларын басқарыў системасын, соның ишинде, жумыс ислеп атырған шөлкемлердиң структурасын оптималластырыў арқалы жетилистириў, аўыл хожалығы өндирисшилери арасында саламат бәсекиликти ҳәм олардың нәтийжели жумысы ушын қолайлы ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик шараятларын жаратыў талап етилмекте.
Пахта шийки затының сапа көрсеткишлерин анықлаўда гөнерген усыллардың қолланылыўы өним таярлаўдың ҳәм өндиристиң көлеми туўралы анық мағлыўматлардың надурыс көрсетилиўине, соның ақыбетинде аўыл хожалығы өндирисшилериниң наразылығына, тармақтың инвестициялық тартымлылығының төменлеўине алып келмекте.
Пахташылық тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, жоқары қосымша қунға ийе бәсекиге шыдамлы ҳәм сапалы таяр өним ислеп шығарыўды кеңейтиў, оларды ири шет ел базарларына буннан былай да алып шығыў, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде, сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Ҳәкимшилик реформалар концепциясына муўапық:
1. Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-октябрьдеги ПП-5206-санлы Пәрманы менен шөлкемлестирилген «Өзпахтасанаатэкспорт» ХКсын сапластырыўға байланыслы комплексли шөлкемлестириўшилик илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бойынша комиссияның (кейинги орынларда Комиссия деп аталады):
«Өзпахтасанаатэкспорт» ХКның «Өзпахтасанаат» АЖ, «Өзпахтамай» АЖ ҳәм «Өзпахтаэкспорт» АЖлары устав капиталындағы үлеслерин номинал баҳа бойынша мәмлекетлик мүлкке өткериў;
«Өзпахтасанаатэкспорт» ХКның устав капиталына киргизилген активлерди мәмлекетлик үлес сыпатында «Өзпахтасанаат» АЖның устав капиталына баланс баҳасы бойынша өткериў, усы бәнттиң екинши хатбасына муўапық мәмлекетке өткерилетуғын акциялардың пакети буған кирмейди;
мүлктиң қалған бөлегин баланс баҳасы бойынша еркин бериў, сондай-ақ, «Өзпахтасанаатэкспорт» ХКны соңғылығында сапластырыў жолы арқалы оның ҳуқықлары менен миннетлемелерин «Өзпахтасанаат» АЖға өткериў;
«Өзпахтаэкспорт» АЖ, «Өзпахтасанаат» АЖ аймақлық филиалларының мал-мүлкин баланс баҳасы бойынша өткерген ҳалда оларды «Өзпахтасанаат» АЖға қосып алыў, сондай-ақ, «Пахтасанаат» аймақлық акционерлик бирлеспелерин (кейинги орынларда «Пахтасанаат» ААБ деп аталады) қосып алыў процесин нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жуўмақластырыў арқалы қайта шөлкемлестириў;
Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик қаржыны қадағалаў бас басқармасына оның структурасында 20 бирликтен ибарат тийисли басқарма шөлкемлестирген ҳалда пахта тазалаў кәрханаларында есапқа алыў ҳәм есап-санақтың дурыслығы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў функциясын жүклеў;
2018-жыл 1-январынан баслап «Сапа» Өзбекистан пахта талшығын сертификатлаў орайын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарамағынан «Өзстандарт» агентлигиниң структурасына өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
«Өзстандарт» агентлиги Қаржы министрлиги ҳәм Экономика министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте «Сапа» орайының жумысын, соның ишинде, Өзбекистан Республикасында Ҳәкимшилик реформалар концепциясының талапларына муўапық шөлкемлестириў ҳаққындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
2. Төмендегилер «Өзпахтасанаат» АЖның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдары етип белгиленсин:
пахта шийки затын қабыллаў, сақлаў, тасыў ҳәм қайта ислеў, егилетуғын туқымлық шигитти таярлаў бойынша жумыслардың толық комплексин шөлкемлестириў ҳәм әмелге асырыў, халықаралық стандартлар талабына жуўап беретуғын жоқары сапалы пахта өнимин таярлаў бойынша заманагөй өндиристи шөлкемлестириў саласында бирден-бир сиясаттың алып барылыўын тәмийинлеў;
аўыл хожалығы өндирисшилеринен қабыл етилетуғын пахта шийки затының муғдары, сапасы ҳәм сортлары, пахта талшығының ҳәм туқымлық шигиттиң шығыўына байланыслы көрсеткишлер, пахта тазалаў кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылып ҳәм сатылып атырған пахта талшығының муғдары менен сапасы бойынша мағлыўматлардың дурыслығын заманагөй мәлимлеме-технологияларын кеңнен енгизиў арқалы есапқа алыў және қадағалаў жумысларын шөлкемлестириў;
дүзилген шәртнама (контракт)ларға муўапық сатып алынатуғын пахта шийки затына ҳәм тутыныўшыларға жөнетилетуғын пахта өними ушын өз ўақтында ҳәм толық көлемде есап-санақларды әмелге асырыў;
модернизацияны әмелге асырыў, заманагөй жоқары өнимдарлыққа ийе үскенелерди ҳәм алдынғы өндирислик технологияларды енгизиў, тармаққа инвестицияларды, бәринен бурын, тиккелей инвестицияларды кеңнен тартыўда бирден-бир техникалық сиясатты алып барыў және пахта тазалаў кәрханаларына, пахта терминалларына көмеклесиў;
шийки затты қайта ислеўге бериўши сыпатында пахта тазалаў кәрханаларына олар тәрепинен пахта-тоқымашылық кластерлери системасында жумысты әмелге асырыўда көмеклесиў;
илимий-техникалық ҳәм тәжирийбе-экспериментальлық изертлеўлерди раўажландырыў, пахташылық тармағына инновациялық идеяларды, қурылмалар менен технологияларды енгизиў;
пахташылық тармағы кәрханаларының кадрларын, соның ишинде, шет ел билимлендириў мәкемлерин тартқан ҳалда қайта таярлаўды ҳәм маманлығын арттырыўды системалы тийкарда шөлкемлестириў, сондай-ақ, пахташылық тармағын раўажландырыў саласында шет мәмлекетлердиң жетекши шөлкемлери менен турақлы бирге ислесиўди әмелге асырыў.
3. «Өзпахтасанаат» АЖның шөлкемлестириўшилик ҳәм атқарыўшы аппаратының структурасы, сондай-ақ, оның қурамына киретуғын кәрханалардың дизими 1-3-қосымшаларға муўапық мақуллансын.
4. «Өзпахтасанаат» АЖ басқармасы баслығына зәрүрлик туўылғанда «Өзпахтасанаат» АЖның атқарыўшы аппаратының структурасына басқарма хызметкерлериниң белгиленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
5. Төмендегилер:
«Өзпахтасанаат» АЖ басқармасы баслығы ҳәм оның орынбасары бақлаў кеңеси тәрепинен сайланатуғыны, Өзбекистан Республикасы Президенти менен келисилген ҳалда Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тастыйықланатуғыны;
«Өзпахтасанаат» АЖның атқарыўшы аппаратының жумысын ағымдағы тәмийинлеў ҳәм қаржыландырыў пахта өнимлерин сатыўдан дәлдалшы жыйымы сыпатында түскен қаржылар, дивидендлер, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
6. «Өзпахтасанаат» АЖ еки ай мүддетте:
«Пахтасанаат илимий орайы» АЖ жумысын оны қаржыландырыў дәреги сыпатында, соның ишинде, пахта талшығының прейскурант бойынша көтере баҳасына белгиленетуғын үстемени нәзерде тутқан ҳалда түп-тийкарынан жетилистириў;
пахта талшығының ығаллылық көрсеткишин пахта талшығын сертификатлаўда анықланатуғын мәжбүрий көрсеткишлердиң дизимине киргизиў;
сапаны баҳалаўдың инструментальлық системаларында сынақ нәтийжелери тийкарында пахта талшығы тайының сапа көрсеткишлери бойынша пахта талшығын избе-изликте номерлеў ҳәм ажыратыў системасын енгизиў;
«Өзстандарт» агентлиги, Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте – пахта шийки затын қабыллаў, толықтырыў, сақлаў ҳәм қайта ислеў усылларын жетилистириў, «Өзпахтасанаат» АЖ ның пахта тазалаў кәрханаларын заманагөй өлшеў қураллары, лаборатория үскенелери, соның ишинде, видеоүскенелер, қадағалаўдың ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системаларына сәйкес келетуғын электрон тәрезилер менен тәмийинлеўге қаратылған комплексли илажларды әмелге асырыў;
Өзбекистан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте – «Өзпахтасанаат» АЖ кәрханаларының бос турған имаратларын, соның ишинде, оларды потенциал инвесторларға сатыў арқалы басқышпа-басқыш оптималластырыў бойынша усынысларды таярласын ҳәм Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
7. «Өзстандарт» агентлиги, «Өзпахтасанаат» АЖ, «Өзбекжеңилсанаат» АЖ, «Сапа» орайы менен биргеликте еки ай мүддетте пахта шийки затының ҳәм талшығының сапа көрсеткишлерине (сорты, түри, категориясы ҳәм басқалар) болған әмелдеги талапларды оларды анықлаў усыллары менен тәртибин сын көз-қарастан үйренсин, сондай-ақ, оларды буннан былай да оптамалластырыў ҳәм жетилистириў бойынша анық усыныслар киргизсин.
8. Төмендегилер:
«Өзпахтасанаат» АЖ пахта тазалаў кәрханаларының таяр пахта өнимлерин қабыллаў, сақлаў, тасыў, қайта ислеў ҳәм өз ўақтында жеткерип бериў бойынша жумысларын муўапықластырыў «Өзпахтасанаат» АЖның регионаллық пахта терминаллары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
усы қарарға муўапық өткерилип ҳәм қабыл етилип атырған мүлктиң баҳасы салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди есаплаўда салық салыў объекти есапланбайтуғыны;
пахта талшығын, пахта линтин ҳәм техникалық шигитти тутыныўшыларға сатыў пахта тазалаў кәрханалары менен дүзилетуғын дәлдалшылық шәртнамалары арқалы «Өзпахтасанаат» АЖ тәрепинен усы түрдеги өнимлерди реализациялаўдың орнатылған тәртибине әмел еткен ҳалда биржа саўдалары арқалы әмелге асырылатуғыны;
«Өзпахтаэкспорт» АЖ ҳәм «Пахтасанаат» ААЖ «Өзпахтасанаат» АЖға қосылыўында олардың акцияларын алмастырыў номинал баҳа бойынша әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
9. «Өзпахтасанаат» АЖ ның төмендегилер ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин:
зәрүрлик туўылған жағдайларда, «Өзпахтасанаат» АЖ қурамына киретуғын пахта тазалаў кәрханалары ҳәм басқа да шөлкемлердиң буйыртпалары бойынша нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте усы кәрханалар менен шөлкемлердиң мүтәжлиги ушын товар (жумыс, хызмет)ларды орайласқан тәртипте сатып алыўды әмелге асырыў;
пахта тазалаў кәрханалары тәрепинен 2017-2018-жыллардың жуўмағы бойынша есапланатуғын дивидентлерди капиталластырыў, сондай-ақ, 2017-2018-жыллардың жуўмағына бола «Өзпахтасанаат» АЖ ның устав капиталындағы мәмлекетлик үлес бойынша сап пайдадан 10 процент муғдарында дивидент есаплаў.
10. «Өзпахтасанаат» АЖ Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2018-жылдың 1-январына шекемги мүддетте:
«Өзпахтасанаат» АЖ қурамына киретуғын пахта тазалаў кәрханалары, пахта шийки затын қабыллаў шақапшалары ҳәм басқа да шөлкемлердиң бәнтлигин, штатлар саны, шөлкемлестириўшилик структурасын сын көз-қарастан үйренсин ҳәм қәрежетлерин қысқартыў, мийнет өнимдарлығын және өндиристиң рентабельлигин жақсылаў мақсетинде оларды оптималластырыў ҳәм жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
Пахта өнимлерин сатыў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын Өзбекистан Республикасы Министрлер кабинетине киргизсин.
Өзбекистан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги мәпдар ведомстволар менен биргеликте усы бәнтте нәзерде тутылған үйрениў шеңберинде туқымлық шигитти таярлаўдың ҳәм оннан пайдаланыўдың бирден-бир ҳәм заманагөй системасын жаратыў бойынша усынысларды киргизсин.
14. Өзбекистан Республикасы Есап-санақ палатасы, Қаржы министрлиги Бас прокуратура жанындағы Салық, валютаға байланыслы жынаятларға ҳәм жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў департаменти, Мәмлекетлик салық комитети, «Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте пахта өнимлерин қабыллаў. сақлаў, таярлаў ҳәм шығарыў процесслери, сондай-ақ, таярланған пахта шийки заты көлемлериниң статистикалық есап-санақларға ҳәм бар мағлыўматларға муўапықлығы үстинен системалы ҳәм тәсиршең қадағалаў орнатсын.
15. «Өхпахтасанаат» АЖ Ташкент қаласы, Шота Руставели көшеси 8 а –жай мәнзили бойынша орналастырылсын.
16. «Өзпахтасанаат» АЖ бир ай мүддетте «Өзпахтасанаат» АЖ атқарыў аппаратының ҳәм оның қурамына киретуғын шөлкемлердиң жоқары маманлықтағы кадрлар менен толықтырылыўын тәмийинлесин.
17. Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги еки ай мүддетте сапластырылып атырған «Өзпахтасанаатэкспорт» ХК ҳәм қайта шөлкемлестирилип атырған «Өзпахтаэкспорт» АЖ ның жумыстан босап атырған хызметкерлерин жумыс пенен тәмийинлесин.
18. «Өзпахтасанаат» АЖ Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
19. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары З.Т.Мирзаевқа ҳәм Н.С.Атажановқа жүкленсин.

Өзбекистан Республикасы Президенти                                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 28 –ноябрь

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Пахташылық тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына ТҮСИНИК

Пахташылық Өзбекистан экономикасының система шөлкемлестиретуғын тармақларынан бир болып табылады. Елимизде пахта тазалаў кәрханаларын модернизациялаў ҳәм техникалық қайта үскенелеў, өндиристи ҳәм пахта шийки затын қайта ислеў рентабельлигин, сондай-ақ, ислеп шығарылатуғын өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Соған қарамастан, пахташылық тармағының жедел раўажланыўына тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар менен кемшиликлер сақланып қалмақта. Олардың қатарында, биринши гезекте, шийки затты қабыллаў, тасыў ҳәм қайта ислеў, сондай-ақ, таяр өнимлерди реализациялаўда есапқа алыў ҳәм қадағалаў системасының жоқлығына алып келген заманагөй технологиялардың толық енгизилмегенлигин көрсетип өтиў мақсетке муўапық.

Өндиристи диверсификациялаў бойынша илажлардың көрилмегени өндирислик қуўатлықлардың әдеўир бөлегиниң бийкар турыўына ҳәм экономикалық жоғалтыўларға алып келмекте.

Пахташылық тармағы кәрханаларын басқарыў системасын, аўыл хожалығы кәрханалары менен өз-ара қатнасықлардың усылларын жетилистириў талап етилмекте.

Бүгинги күнге шекем бул басқарыў системасы артықша аралық буўынларды өз ишине алып, басқарыў процесслерин бюрократластырыўға шараят жаратқан ҳәм басқарыў аппаратын тәмийинлеў ушын өзин ақламаған үлкен қәрежетлерге алып келген.

Ҳәзирги ўақытқа шекем пахта шийки затын қабыллаўды ҳәм қайта ислеўди шөлкемлестириў («Өзпахтасанаат» АЖ), пахта талшығының сақланыўын тәмийинлеў ҳәм оны экспорт етиў («Өзпахтаэкспорт» АЖ) және пахта майын ислеп шығарыў («Өзпахтамай» АЖ) салаларындағы хожалық басқарыўы уйымлары шәртли түрде «Өзпахтасанаатэкспорт» холдинг компаниясына бирлестирилген еди. Бирақ, өндирислик процесстиң үш еркин буўынға ажыратылыўы өндиристиң нәтийжелилигин төменлеткен ҳәм қәрежетлердиң артыўына алып келген.

Тармақтың басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў, жоқары қосымша қунға ийе бәсекиге шыдамлы таяр өним ислеп шығарыўды кеңейтиў, оларды ири шет ел базарларына буннан былай да алып шығыў зәрүрлигин есапқа алып, Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен «Пахташылық тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарар қабыл етилди.

Қарарға муўапық «Өзпахтасанаат» ҳәм «Өзпахтаэкспорт» акционерлик жәмийетлерин бирлестириў, сондай-ақ, «Өзпахтасанаатэкспорт» холдинг компаниясын сапластырыў тийкарында пахташылық тармағы ушын жуўапкер болған бирден-бир шөлкем – «Өзпахтасанаат» акционерлик жәмийети шөлкемлестирилди. Май тармағын раўажландырыўдың мақул жолларын белгилеп алыў мақсетинде «Өзпахтамай» акционерлик жәмийети бул системадан шығарылды.

Жаңадан шөлкемлестирилген «Өзпахтасанаат» АЖ ға қайта шөлкемлестирилген компаниялардың мүлклери,  олардың мәмлекетлик үлеслери, ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери менен бирге өткерилди. «Өзпахтасанаат» АЖ қурамына киретуғын кәрханалардың муғдары менен штатлары саны оптималластырылды, соның менен бирге, бар ресурслардан буннан былай да ақылға уғрас пайдаланыў бойынша қосымша илажлар таярланады.

Қарар менен пахташылық тармағында өндирислик процесслерди буннан былай да жақсылаў бойынша илажлар нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, пахта шийки затын қабыллаў, толықтырыў, сақлаў ҳәм қайта ислеўдиң техникалық қураллары менен усыллары жақсыланады. Пахта тазалаў кәрханалары заманагөй өлшеў қураллары, лаборатория үскенелери, пахта шийки затын қабыллаўда инсан факторының ролин азайтатуғын ең жаңа мәлимлеме технологиялары менен тәмийинленеди.

Бул илажлар пахта шийки затын қабыллаў, тасыў, қайта ислеў ҳәм таяр өнимлерди реализациялаў үстинен нәтийжели есап-санақ ҳәм қадағалаў системасын енизиўге қаратылған болып, қосып жазыў ҳәм анық мағлыўматларды басқаша түрде надурыс көрсетиў жағдайларына жол қойылмайды.

Мәселен, пахта талшығын пахта тазалаў кәрханасынан терминалға жибериўде оны ажыратыў системасының жоқ екени сапа жағынан ҳәр қыйлы өнимлердиң жеткерип берилиўине себеп болады, бул болса, тутыныўшылардың наразылықларын келтирип шығарады. Усы мүнәсибет пенен, сапаны баҳалаўдың инструментальлық системаларындағы сынақ нәтийжелери тийкарында пахта талшығы тайының сапа көрсеткишлери бойынша пахта талшығын избе-изликте номерлеў ҳәм ажыратыў системасы енгизиледи. Усының менен өнимди есапқа алыўдың халықаралық усыллары әмелге киргизиледи, пахтаның сапасын анықлаўға субъектив, тийкарсыз қатнас жасаўға жол қойылмайды.

Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы «Сапа» пахта талшығын сертификатлаў орайының «Өзстандарт» агентлигиниң структурасына өткерилгени   басқа да әҳмийетли өзгерислерден болды. Ҳәзирги күнге шекем 1,2 мыңнан аслам хызметкери болған «Сапа» орайы ҳәм 1,5 мың хызметкерге ийе «Өзстандарт» агентлиги өз-ара уқсас жумысты шөлкемлестириўшилик бағыныўсыз, еркин түрде әмелге асырып келген. Стандартластырыў саласында қайталаўдың сапластырылыўы пахта талшығын, пахта линтин ҳәм техникалық шигит сыяқлы өнимлерди ислеп шығарыў нормативлери менен талапларына сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлейди.

Пахташылық тармағында қаржы тәртибин беккемлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик қаржыны қадағалаў бас басқармасына пахта тазалаў кәрханаларында есапқа алыўдың ҳәм есап-санақтың дурыслығы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў ўазыйпасы жүкленди.

Буннан тысқары, Мәмлекетимиз басшысының қарары менен республикамызда пахташылық тармағының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў имканиятын беретуғын басқа да шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылды.

Улыўма алғанда, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Пахташылық тармағын басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары пахташылық тармағында жыйналып қалған машқалалар менен кемшиликлерди шешиў имканиятын береди, усы саладағы кәрханаларды басқарыў системасының нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырады.