Халықтың машқаласы парламент қадағалаўында

“Адолат” СДП фракциясының ағзасы Нодира Рашидова Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районындағы жаңадан қурылған турақ жайларда анықланған аўыр экологиялық ҳәм социаллық машқала бойынша Өзбекстан Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри және Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң баслығына депутатлық сораў жиберди.
Мәлим болыўынша, фракциямыз ағзасына Елликқала районы “Иқбол” мәҳәллесинде жасаўшы пуқаралардан жәмәәтлик мүрәжат келип түскен. Оған бола, 169 шаңарақ «ARH-GROUP DEVELOPMENT» ЖШЖ тәрепинен ипотека кредитлери тийкарында қурылған турақ жайларды сатып алған. Бирақ, объектлер пайдаланыўға тапсырылғаннан соң, турақ жайлардың конструктив элементлерин жемириўши ҳәм қәўипсиз жасаўға тосқынлық етиўши термитлер анықланған. Итибарлы тәрепи сонда, жер участкалары аукцион арқалы сатылып атырған ўақыттың өзинде-ақ термитлер менен зыянланғанлығы айтылмақта.
Келтирилген таллаўларға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы аймағында термитлердиң тарқалыўы жыл сайын артып бармақта. Депутат сораўындағы мағлыўматлар жағдайдың қаншелли аўыр екенлигин көрсетеди. Соның ишинде, термитлер тарқалған аймақ майданы жылына орташа 30 квадрат километрге кеңеймекте. Бүгинги күнге шекем 6 067 шаңарақ, 6 социаллық-экономикалық объект ҳәм 14 тарийхый зыярат етиў орны зыянланған. Зыянланыў ақыбетинде 125 үй авариялық жағдайда деп табылған. Депутат өз сораўында бул машқала тек ғана пуқаралардың мүлклик ҳуқықлары емес, ал олардың өмири ҳәм денсаўлығы менен байланыслы екенин айрықша атап өткен ҳәм бул мәселе шешимин тапқанша өз қадағалаўында болатуғынын билдирген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги