Елиў жыллық мийнетиниң жемиси: ҳүрметке ерискен Гүлсара апа

15

8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен елимиз бойлап ҳаял-қызларға ҳүрмет көрсетиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста тутқан орны менен абырайын арттырыў, өзиниң нәтийжели мийнети, бай билим ҳәм тәжирийбеси менен елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар процесинде белсене қатнасып киятырған ҳаял-қызларды хошаметлеў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Сондай-ақ, шаңарақларда руўхый-әдеп-икрамлы орталықты беккемлеў, жасларымызды ана Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға үлкен үлес қосып атырған ҳаял-қызлар да мүнәсип сыйлықланбақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ усы жыл 3-март күнги «8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы менен Қарақалпақстан тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институтының химия лабораториясының үлкен илимий хызметкери Гүлсара Бердимбетова да “Шуҳрат” медалы менен сыйлықланды.

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ тәбийғый илимлер илимий-изертлеў институтының, химия лабораториясы, органикалық химия илимий топарының баслығы, химия илимлериниң кандидаты Гүлсара Бердимбетова 50 жылдан аслам ўақыттан берли усы жерде илимий хызметкер сыпатында жумыс ислеп келмекте. Усы жыллар даўамында умтылыўшаң, мийнет сүйгиш инсан сыпатында ол өзин илимге бағышлаған.

Гүлсара Бердимбетова 1953-жылы Тахтакөпир районында туўылған. Орта мектепти тамамлап, Ташкент мәмлекетлик университетиниң химия факультетине оқыўға кирди ҳәм оны 1975-жылы питкерди. 1975-жылдан Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң тәбийғый пәнлер комплекси институтында ислеп келмекте. 1985-жылы Г.Бердимбетова Өзбекстан Илимлер Академиясы өсимлик элементлери химиясы институтында “органикалық химия” қәнигелесиўи бойынша кандидатлық диссертациясын жақлады ҳәм оған химия илимлериниң кандидаты илимий дәрежеси берилди.

– Аспирантурадан кейин тәбийғый пәнлер комплекси институтында жумысымды даўам еттим, – дейди Г.Бердимбетова. Дәслеп, лаборант, кейин киши илимий хызметкер, үлкен илимий хызметкер, илимий топар ҳәм лаборатория баслығы дәрежесине көтерилип, ҳәзирги ўақытта органикалық химия илимий топарының басшысы сыпатында жумыс алып барып атырман. 1997-2002-жыллары илимий жумысларым менен бирге, илимий хаткер лаўазымын да қоса алып бардым.

Г.Бердимбетова тәрепинен 200ден аслам илимий жумыслар исленип, баспадан шығарылған.

Ол ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминиң Органикалық ҳәм Биоорганикалық илимий бағдарын дүзиўдиң тийкарын салыўшылардың бири ҳәм усы қәнигелик бойынша лабораторияның материаллық-техникалық базасын жаратыўға басшылық етти. Г.Бердимбетованың басшылығында 16 фундаменталь ҳәм әмелий илимий жойбарлар орынланды, сондай-ақ, халықаралық жойбарлардың орынлаўшысы да болған.

Өткерилген изертлеўлери тийкарында әҳмийетли фундаменталлық ҳәм әмелий илимий-техникалық нәтийжелер алынды. Оның басшылығында «Артемия цисталарынан алынған биоқосымша дәстурий емес таўықлардың азық-аўқатын жаратыў» темасында әмелий излениўлер алып барған ҳәм нәтийжеде оның өнимдарлығы анықланған.

Алынған нәтийжелер тийкарында Г.Бердимбетова тәрепинен илимий басылымлар менен бирге, патентлер де алынды. Бириншиси пайдалы модель “Карбоксиметилхитин синтезлеў усылы”. Екиншиси пайдалы модель бойынша арзалар Интеллектуаллық мүлк агентлиги тәрепинен көрип шығылыўдың жуўмақлаўшы басқышында.

– Әпиўайы тил менен айтқанда, қуслар ушын жергиликли шийки заттың тийкарғы азықлық қурамы ислеп шығылды, – дейди Г.Бердимбетова.

Мәйек ҳәм гөш бағдарындағы таўықлар ушын тийкарғы азықты ҳәм рационды теориялық таллаў нәтийжесинде “Таўықларды азықландырыў” программалық бағдарламасы ислеп шығылды ҳәм Өзбекстан Республикасы Интеллектуаллық мүлк агентлигиниң мағлыўматлар базасына киргизилди. Гүўалық алынып, 2022-жылы дизимнен өткерилди.

2024-жылы “Арал теңизи Артемиясы цисталарының ығаллығы ҳәм тазалығын анықлаў бойынша методикалық усыныслар” атлы методикалық қолланбам және “Арал теңизи Артемиясы цисталары белок тәбияты бирикпелериниң химиялық қурамы ҳәм биологиялық активлиги” атлы монографиям баспадан шықты. Хожалық шәртнамалары тийкарында да жумыслар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги ўақытта Арал теңизиниң Қарақалпақстан популяциясына тийисли Артемиа цисталарының сапасын баҳалаў лабораториясын жаратыў ҳәм аккредитациядан өткериў жойбарына басшылық етип атырман. Бул лаборатория Артемиа цисталарының экспорт өними ушын сертификатлар бериў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

Г.Бердимбетова илимий изертлеў жумысларынан тысқары педагогикалық жумыс пенен де шуғылланбақта. Усы тийкарда кадрлар таярлаў миллий бағдарламасының орынланыўына өз үлесин қосып, оның қоллап-қуўатлаўы тийкарында 6 кандидатлық жумыс қорғалды, Үш излениўши диссертация жумысларын рәсмийлестириў ҳәм қорғаў басқышында, ал 6 докторант (PhD) илимий жумысларын орынламақта. Ҳәзирги ўақытта 1 стажёр-изертлеўшиге ҳәм 2 таяныш докторантқа илимий мәсләҳәтши сыпатында өз жәрдемин бермекте.

«Мўътабар аёл», «Ардақлы нураний» – Г.Бердимбетова шаңарақлы, 3 перзентти тәрбиялап камалға келтирген ҳәм 8 ақлығының сүйикли әжеси.

Биз де өз гезегинде Г.Бердимбетованы 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, жумысларында тасқын табыс, шаңарағына аманлық тилеймиз.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги