Ормуз буғазында жүк тасыў дерлик тоқтады ма?

11

Kpler теңиз аналитикалық компаниясының мағлыўматларына бола, Ормуз буғазы арқалы танкер тасыўлары өткен ҳәптеге салыстырғанда шама менен 90 процентке азайды.

Ормуз буғазы арқалы кемелер қатнаўы күннен-күнге азайып бармақта: көплеген газ ҳәм нефть танкерлери Ираннан ҳүжимлер қәўпи себепли бул суў жолынан өтиўди қәлемей атыр.

Кескин төменлеў ири теңиз қамсызландырыў компаниялары Парсы қолтығында ислейтуғын кемелер ушын әскерий қәўиплер бойынша қамсызландырыўды қайтарып алыўды баслағанынан ямаса тоқтатқанынан кейин жүз берди. Бул дүнья нефть саўдасының шама менен бестен бир бөлеги өтетуғын тар буғаз арқалы ҳәрекетлениўди бираз қәўипли етеди.

Урыс басланбастан алдын буғаз арқалы күнине орташа 24 танкер өткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги