Қатар мәмлекетте қалып кеткенлерге визаны созды

Қатар Ишки ислер министрлиги мәмлекетте ҳаўа аймағы жабылыўы себепли қалып кеткен сырт елли саяхатшыларға берилген виза мүддети бир айға создырылатуғынын билдирди. Барлық категориядағы визаларға тийисли екени айтылған бул қарардың орынланыўы шеңберинде қосымша төлем талап етилмейди. Кейинги өзгерис жағдайдың раўажланыўына қарап жәрияланыўы мүмкин. Бул ҳаққында “Euronews” басылымы жазған.
28-февральдан алдын визасы тамамланған шахслар болса мүддет артып кеткен күнлер ушын жәрийма төлеўге мәжбүр. Қатар 102 мәмлекет пуқараларына бийпул “visa on arrival” береди, Европаның көпшилик мәмлекетлери ушын 90 күнлик руқсат әмел етеди.
“Qatar Airways” ҳәр күни пәрўазлар кестеси өзгериўи бойынша жаңа мағлыўмат бермекте. 28-февральдан 10-март аралығындағы күнлер ушын буйыртпа етилген билетлерди 14 күнге шекем көшириў ямаса пулды қайтарып алыў мүмкин. Ҳәзирше мәмлекетке кирип-шығыў пәрўазлары тикленбеген.
Тайланд та рейслердиң бийкар етилиўи себепли Жақын Шығыс аймағында қалып кеткен туристлер ушын визаны создырмақта. Бангкок ҳәм Пхукеттен онлаған рейслер бийкар етилген, мийманханаларға болса баҳаны төменлетиў усыныс етилген.
Мусулмон Зиё, ӨзА