Сырт ел валютасындағы кредитлер көлеми де өсти

Орайлық банктиң мағлыўматына бола, 2025-жылы мәмлекетимиз коммерциялық банклери тәрепинен ажыратылған кредитлердиң көлеми 390 триллион сумды қурады. Бул 2024-жылдағы 287,2 триллион сумға салыстырғанда дерлик 36 процентке көп. Көрсеткишлер кредитлеў белсендилигиниң избе-из өсип атырғанын тастыйықламақта.
Финанс базарының таллаўлары соны көрсетеди, кейинги еки жылда кредит портфели қурамында миллий валютадағы қаржылардың үлеси сезилерли дәрежеде артқан. 2025-жылы миллий валютада ажыратылған кредитлердиң көлеми 276,4 триллион сумға жетти. Салыстырыў ушын, 2024-жылы бул көрсеткиш 193,3 триллион сумды қураған еди.
Сырт ел валютасындағы кредитлер көлеми де өсиў тенденциясын көрсетти. 2025-жылы бул көрсеткиш 113,6 триллион сумды қурады. Бул 2024-жылдағы 94 триллион сумға салыстырғанда көп. Сырт ел валютасындағы кредитлердиң тийкарғы бөлеги юридикалық тәреплердиң үлесине туўра келип, оларға 113,1 триллион сум ажыратылған. Жеке тәртиптеги исбилерменлердиң үлеси 441,5 миллиард сумды қурады.
Таллаўлар соны көрсетпекте, миллий валютада қаржыландырыў үлесиниң артыўы экономикада ишки финанслық ресурслардың роли беккемленип атырғанынан дерек береди. Соның менен бирге, экспорт-импорт операциялары менен байланыслы жумыс алып барып атырған кәрханалар тәрепинен сырт ел валютасындағы кредитлерге талап сақланып қалмақта.
Улыўма алғанда, банк кредитлери экономикалық өсиўди хошаметлеўши әҳмийетли фактор болып қалмақта. Кредит портфелиниң кеңейиўи өндирис көлемин арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм тутыныў базарының жеделлигин қоллап-қуўатлаўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Ш.Маматуропова, ӨзА