Белгили композитордың дөретиўшилигине бағышланды

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор, дирижёр, хормейстер, профессор Қурбанбай Заретдиновтың туўылғанының 75 жыллығына бағышланған кеше болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң секретариат баслығы З.Өмирбеков, “Нураний” қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Т.Абдижаббаров, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри Б.Темирбаевлар шығып сөйлеп, Қурбанбай Заретдиновтың республикамыздың мәдениятын, көркем өнерин раўажландырыўдағы дерлик 60 жыллық жемисли мийнетине тоқтап өтти.
Өзиниң мийнет жолын 1967-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театры хор артисти сыпатында баслады. 1970-1975-жыллары М.Ашрафий атындағы Ташкент мәмлекетлик консерваториясында билим алады. Консерваторияны тамамлап келгеннен соң 1975-1981-жыллары Ж.Шамуратов атындағы Нөкис мәмлекетлик көркем өнер билим журты оқытыўшысы, директордың орынбасары, 1981-1989-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясы оркестр дирижёры, 1984-1985-жыллары Санкт-Петербург Киши опера ҳәм балет театры дирижёр стажёры, 1989-жылдан берли Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрының дирижёры, бас хормейстер, бас дирижёры лаўазымларында ислеп келмекте. Қурбанбай Заретдинов барлық күш-қуўатын, саналы өмирин қарақалпақ көркем өнерин раўажландырыўға бағышлаған шебер шөлкемлестириўши, уқыплы басшы. Ол қайсы лаўазымда ислемесин, мийнет сүйгишлиги, жумысқа болған талапшаңлығы ҳәм әдил басқарыўы менен ҳүрметке ийе.
Ол композитор сыпатында лирикалық ҳәм тарийхый темаларда қосықлар ҳәм оркестр ушын музыкалар дөретти.
“Тумарис”, “Дaйы қыз”, “Бәҳәр”, “Бүлбил”, “Устаз”, “Бегжап трагедиясы”, “Назлымхан сулыў” ҳәм басқа да шығармалардың авторы.
“Өжетлер”, “Ёр висоли” музыкалы драмасы, “Әжинияз” операсында, “Айжамал” балетинде, “Майсараның ҳийлеси”, “Алеко”, “Бердақ”, “Едиге”, “Ғәрип aшық” музыкалы спектакллериниң, “Тумарис”, “Қырық қыз”, “Едиге”, “Аралым мениң” опералары, “Зийўар” музыкалы драмасы, “Назлымхан сулыў” балети ҳәм театрда сахналастырған басқа да музыкалы спектакллерде шеберлик пенен дирижёрлық етип, тамашагөйлерди таң қалдырды. О.Абдирахмановтың, К.Рахмановтың спектакльлерине музыка жазды.
Ол Қазақстан, Дағыстан, Башқурстан Республикаларында, Ташкент қаласында, Хорезм ўәлаятында өткерилген мәденият-дослық күнлериниң, фестивальлардың, Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлик, Наўрыз улыўма халықлық байрамларының, ири мәдений салтанатлы байрам кешелеринде, үлкен театрластырылған концертлердиң, гастроль сапарларының белсенди қатнасыўшысы.
2008-жылы Ашхабад қаласында өткерилген музыка фестивалында қатнасты.
2013-жылы Ташкент қаласында театр жәмәәти менен гастроль сапарында болып “Алпамыс” спектаклиниң дирижёры, 2013-жылы театрда сахналастырылған “Тумарис” операсы ҳәм 2015-жылы “Қырыққыз” балетиниң авторы.
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлигиниң 2015-жыл жуўмағы бойынша “E’tirof” таңлаўының “Жылдың ең жақсы композиторы” номинациясы жеңимпазы. 2016-жылы Ташкент қаласы Ә.Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик үлкен театрында “Әжинияз”, “Тумарис” опералары, “Ассалам-Ташкент ақшамы” симфониялық оркестри концерти менен қатнасып тамашагөйлер ҳәм қәнигелердиң алғысына еристи.
2023-жыл “Едиге” операсы, 2024-жыл “Зийўар” музыкалы драмасы, “Аралым мениң” операсының, 2025-жыл “Назлымхан сулыў” балетиниң авторы ҳәм дирижёры. Оның қарақалпақ көркем өнерине ҳәм миллий мәдениятымыздың раўажланыўына қосқан үлеси ҳүкиметимиз тәрепинен ўақтында жоқары баҳаланды. 2000-жылы “Өзбекстан Республикасы көркем өнер ғайраткери” ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.



Кешеде белгили көркем өнер шеберлериниң еске түсириўлери, бийтәкирар талант ийесиниң шығармаларынан ибарат концерт бағдарламасы қойып берилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси тәрепинен таярланған естелик саўғалары, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң “Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы” көкирек белгиси тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги