Кофе ас сиӊириў процесин тезлестире ме? Қәниге жуўап берди

Қарын тойып аўқатланғаннан кейин кофе ишиў ас сиңириў процесине жәрдем бере ме? Лондон патшалық колледжиниң диетологы Доктор Эмили Лимингтиң пикиринше, айырым адамлар ушын бул ҳақыйқатында да пайдалы болыўы мүмкин, бирақ ҳәммеге бирдей жараса бермейди.
Қәнигениң атап өтиўинше, кофеин ишектиӊ жумысын қоллап-қуўатлайды ҳәм булшық ет қысқарыўларын күшейтеди. Бул көпшиликте азық-аўқаттың ас сиңириў системасы арқалы “нормал тезликте” ҳәрекетлениўине жәрдем береди. Егер ас сиңириў процеси бираз төменлеп атырған болса, бул унамлы тәсир көрсетиўи мүмкин. Бирақ нерв ишек синдроми сыяқлы машқаласы бар адамларда кери тәсир берип, процессти ҳәдден тыс тезлестирип ҳәм қолайсызлық туўдырыў итималы бар.
Кофениң тәсири тек ғана ишек ҳәрекети менен шекленбейди. Турақлы түрде кофе ишиў улыўма ишек саламатлығы менен де байланыстырылмақта. Изертлеўлер соны көрсетеди, турақлы кофе ишиўшилерде ас сиңириў ҳәм азықлық затлардың сорылыўында қатнасыўшы триллионлап микроорганизмлерден ибарат ишек микробиомасының қурамы басқаша болады.
Кофе аўқатланыўымыздағы полифеноллар – антиоксидант бирикпелердиң тийкарғы дереклеринен бири есапланады ҳәм пайдалы микроблар әйне усы затлар менен азықланады. Сондай-ақ, ол аз муғдарда талшық (клетчатка) сақлайды.
Бирақ кофени ишек саламатлығы ушын қурал сыпатында қолланыўда ўақыт факторы әҳмийетли. Кофеин айырым адамларда организмде 12 саатқа шекем сақланып қалыўы мүмкин ҳәм уйқы сапасын бузады. Қәнигениң атап өтиўинше, жаман уйқы ишек саламатлығына унамсыз тәсир етеди. Уйқысызлық артынан надурыс аўқат таңлаў әдети пайда болыўы да мүмкин, бул болса ас сиңириў системасына және де унамсыз тәсир етеди.
Сол себепли, диетолог кофеинли кофени түсликке шекем ишиўди, күнниң екинши ярымында болса кофеинсиз кофе ямаса шөпли шайға өтиўди усыныс етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги