Қоқан университети заманагөй әсбап-үскенелер, техника ҳәм лабораторияға ийе 400 орынлық оқыў орайын иске қосты

Университет жәрдемге мүтәж шаңарақлардың перзентлерин оқыў орайында программаластырыў, жасалма интеллект, робототехника бойынша 6 айлық оқыў курсларында бийпул оқытпақшы. Бир ғана усы арқалы жылына 5 мыңнан аслам жәмлеспеген жаслардың заманагөй билимлерди ийелеўи ушын шараят жаратылады.
Ямаса Ташкент аграр университети механизация ҳәм агроинженерлик бағдарындағы студентлерин “дуал” билимлендириў тийкарында тиккелей Шыршықтағы агро-тех кластеринде оқытпақшы. Олар бир ўақытта ислеп, айлық алады.
Сондай-ақ, университетте ҳәр бири 5 студенттен ибарат “Келешек фермерлери” экспериментал топарлары шөлкемлестириледи. Бул жәмәәтлер оқыў жылы даўамында 10 сотых жерди өзлестирип, өзлери егин егеди. Олар жердиң өнимдарлығын арттырыў, зүрәәтли ҳәм жоқары дәрамат алыў көрсеткишлеринен келип шығып, курстан курсқа өтеди.
Қалған барлық жоқары оқыў орынлары бул унамлы тәжирийбелерден үлги алыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Енди орынларда мине усындай орайларды шөлкемлестирип, жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы жасларды бийпул оқытыўды жолға қойған оқыў орайлары жер ҳәм мүлк салығынан азат етиледи, коммуналлық қәрежетлериниң ярымы бюджеттен қаплап бериледи, оқытыўшыларға төленген дәрамат салығы ҳәм социаллық салық “кешбек” сыпатында қайтарылады.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Көксарай” резиденциясында жаслар менен сөйлесиўи даўам етпекте.
ӨзА