Өзбекстан Жаслар раўажланыўы глобаллық индексинде ең тез пәтлерде раўажланып атырған мәмлекет деп жәрияланғаны бизге мақтаныш бағышлайды – Президент

29

“Көксарай” резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң жаслар менен олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша имканиятларға бағышланған сөйлесиўи даўам етпекте.

– Өзбекстан Жаслар раўажланыўының глобаллық индексинде ең тез пәтлерде раўажланып атырған мәмлекет деп жәрияланғаны бизге мақтаныш бағышлайды, – деди Президентимиз.

Быйыл Ташкент қаласында Жәҳән жасларының тынышлық жолындағы ҳәрекети бас резиденциясының шөлкемлестирилетуғыны, Самарқанд қаласы Жаслар парламенти ағзаларының 12-глобаллық конференциясы, “Таке Off”  халықаралық стартап саммити ҳәм 46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасына басшылық ететуғыны жәрияланды.

–  Әлбетте, жаңа методика ҳәм инновация алып кирип, билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм балаларды кәсиптиң шебери етиў ҳаққында изленетуғын басшының жумысында өзгерис болады, жумысына жаңаша орталық киреди, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Дүньяда күн сайын жаслардың санасын ийелеўде жаңа қәўиплер пайда болып атырған шараятта барлық дәрежедеги басшылар жаслар менен ислесиў бойынша жаңа жумыс системасына өтиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА