Өнимдарлықты арттырыў мәселелери додаланды

Қанлыкөл районындағы Арзымбетқум аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы “Бес қала-2” фермер хожалығында фермерлердиң қатнасыўында семинар болып өтти.
Семинарда Қарақалпақстан фермерлер кеңеси баслығының орынбасары П.Беканов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен тараўға байланыслы қабыл етилген қарар, пәрман ҳәм тапсырмаларда белгиленген ўазыйпалар, сондай-ақ, жаратылып атырған қосымша имканиятлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди. Фермер хожалықларының аўыл хожалығы тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин және де арттырыў, алдынғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў мақсетинде фермер хожалықларын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары бойынша түсиниклер берилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Сондай-ақ, семинарда Президентимиздиң 2025-жыл 9-декабрьдеги “Пахта ҳәм ғәллешиликте өнимдарлықты арттырыў ушын жоқары нәтийжели интенсив агротехнологияларды қолланыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарарының мазмун-мәниси бойынша да түсиниклер берилди.

Семинар даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги