Жоқары категориялы муғаллимлерге турақ жай басланғыш төлеминиң бир бөлеги төлеп бериледи

20

Өзбекстанда көп жыллық мийнети ҳәм жоқары маманлығы менен билимлендириў системасында жумыс алып барып атырған муғаллимлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған жаңа механизм енгизилди.

Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 19-февральда қабыл етилген 69-санлы қарарына муўапық, жоқары категорияға ийе ҳәм кеминде 15 жыллық педагогикалық стажға ийе муғаллимлерге ипотека тийкарында турақ жай сатып алыў ушын мәмлекетлик субсидия бериледи.

Қарарға бола, усы категориядағы педагоглар ушын ипотека кредитиниң басланғыш төлеминиң 25 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Сондай-ақ, кредиттиң дәслепки 5 жылы даўамында процент төлемлериниң бир бөлеги де субсидияланады. Бул болса муғаллимлердиӊ финанслық жүгин сезилерли дәрежеде жеңиллестиреди.

Мағлыўмат орнында айтыў керек, бул жеңилликтен пайдаланыў ушын талабан жоқары маманлық категориясына (бас оқытыўшы лаўазымына) ийе болыўы, кеминде 15 жыллық педагогикалық жумыс стажына ийе болыўы керек.

Механизм ашық-айдын ҳәм оператив тәртипте әмелге асырылады. Талабан банк белгилеген өз үлесин қәлиплестиргеннен соң, банк 1 жумыс күни ишинде ипотека кредитин рәсмийлестиреди. Турақ жай талабан атына рәсмийлестирилип, кадастр ҳүжжетлери банкке усынылады.

Субсидия ажыратыў процеси санлы платформа арқалы әмелге асырылады. Банк 1 жумыс күни ишинде “subsidyplatform.mf.uz” арқалы Экономика ҳәм қаржы министрлигине төлем бойынша буйыртпа жибереди.

Бул бағдарламаны қаржыландырыў ушын ҳәр жылы мәмлекетлик бюджеттен 200 миллиард сумға шекем қаржы қаратылыўы режелестирилген. Жеңилликтен пайдаланыўшы муғаллимлердиң дизимин болса Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги және Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги қәлиплестиреди.

Жаңа тәртип тәжирийбели ҳәм жоқары маманлықтағы педагогларды материаллық хошаметлеў, олардың социаллық қорғалыўын күшейтиў ҳәм билимлендириў тараўында үзликсизликти тәмийинлеўге хызмет етеди.

Ш.Маматуропова, ӨзА