2026-жылдың мәмлекетлик бағдарламасы: нәтийжелилик ҳәм жуўапкершилик өлшеми

Мүнәсибет
Мәмлекетимиздиң раўажланыўы жаңа басқышқа қәдем қойып, реформалардың нәтийжеси енди, олардың қабыл етилиўи менен емес, ал әмелдеги нәтийжеси менен баҳаланбақта. 2026-жыл ушын қабыл етилген Мәмлекетлик бағдарлама мине, усы принципке тийкарланып ислеп шығылған болып, ол стратегиялық мақсетлерди анық әмелий механизмлер менен үйлестирген әҳмийетли сиясий-ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады.
Бул бағдарлама “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды избе-из даўам еттирип, экономикалық өсиўди тәмийинлеў менен бирге, оның нәтийжесин халықтың абаданлығына бағдарлаўды нәзерде тутады. Онда экономиканы модернизациялаў, санаатты диверсификациялаў, санлы технологияларды кеңнен енгизиў, инвестициялық орталықты жақсылаў сыяқлы ўазыйпалар белгиленген.
Экономикалық реформалар жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын арттырыў ҳәм ишки базар турақлылығын беккемлеўге хызмет етеди. Соның менен бирге, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм инновациялық өсиў моделин қәлиплестириў глобаллық бәсекилик шараятында мәмлекетимиздиң экономикалық турақлылығын тәмийинлейди.
Бағдарламада мәҳәллелерди раўажландырыў мәселесине айрықша итибар қаратылған. Себеби, реформалардың ҳақыйқый нәтийжеси орынларда, халықтың турмысында көринеди. Инфраструктураны жақсылаў, бәнтликти тәмийинлеў, социаллық машқалаларды мәнзилли шешиў – ҳәммеси мәҳәлле кесиминде әмелге асырылады. Бул болса жергиликли кеңеслер ҳәм депутатларға үлкен жуўапкершилик жүклейди. Сондай-ақ, социаллық қорғаўды күшейтиў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўында сапа өзгерислерин әмелге асырыў, жәрдемге мүтәж қатламларды қоллап-қуўатлаў сыяқлы ўазыйпалар жәмийетте әдиллик орталығын беккемлеўге қаратылған.
Суд-ҳуқық тараўын жетилистириў, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў механизмлерин күшейтиў де бағдарламаның тийкарғы бағдарларынан есапланады.
Депутат сыпатында атап өтпекшимен, 2026-жылғы Мәмлекетлик бағдарлама – бул Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы избе-из ҳәм жуўапкершиликли қәдем болып есапланады. Оның табысы атқарыў тәртиби, парламентлик қадағалаў ҳәм жәмийетшиликтиң қатнасыўының нәтийжелилигине байланыслы.
Жуўмақлап айтқанда, бул бағдарлама стратегиялық мақсетлерди турмысқа енгизиў арқалы турақлы экономикалық өсиў, социаллық әдиллик ҳәм пуқаралардың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етеди. Ең әҳмийетлиси, реформалар инсан мәпин үстин қойған раўажланыў модели тийкарында әмелге асырылып атырғаны болып есапланады.
Гүлжан Халмуратова,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги