Сырт елдеги ўатанласлар ушын онлайн экскурсия

Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетинде Туўысқан қалалар альянсының басламасы менен “Сырт елдеги ўатанласлар менен Өзбекстан бойлап онлайн экскурсия” темасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.
Илаж офлайн ҳәм онлайн форматта өткерилип, онда ўәлаят ҳәкимликлери, дослық жәмийетлери ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер, Олий Мажлис жанындағы Жәмийетлик фонд ўәкиллери ҳәм сырт елде жасап атырған ўатанласлар қатнасты.

Дөгерек сәўбетиниң тийкарғы мақсети сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен байланысларды беккемлеў, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, социаллық-экономикалық өзгерислер ҳәм жаңа имканиятлар ҳаққында толық мағлыўмат бериўден ибарат болды.

Онлайн экскурсия форматы арқалы қатнасыўшылар мәмлекетимиздиң бай тарийхый-мәдений мийрасы, әййемги қалалары, заманагөй дөретиўшилик жумыслары, туризм инфраструктурасы ҳәм инвестициялық имканиятлары менен жақыннан танысыў имканиятына ийе болды.

Онлайн сөйлесиў даўамында Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын арттырыў, туризм потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў, сырт ел бирге ислесиў байланысларын беккемлеўге қаратылған видеороликлер көрсетилди. Қатнасыўшылар тәрепинен Өзбекстанның унамлы имиджин қәлиплестириў, сырт елдеги ўатанласлар менен системалы ислесиў механизмлерин жетилистириў ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, бундай сөйлесиўлер сырт елдеги ўатанласларымыздың өзиниң тарийхый тамырлары, миллий қәдириятлары ҳәм ана Ўатаны менен тығыз байланысын беккемлеўге хызмет етеди. Соның менен бирге, олар ушын Өзбекстандағы жаңаланыў процесслеринде тиккелей қатнасыў, бирге ислесиў жойбарларын жолға қойыў және инвестициялық ҳәм социаллық басламаларды әмелге асырыў ушын әҳмийетли платформа ўазыйпасын атқарады.
Илаж жуўмағында келешекте де усындай ушырасыўларды турақлы шөлкемлестириў, сырт елдеги ўатанласлар менен нәтийжели мәлимлеме алмасыўды жолға қойыў бойынша бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.
Нигора Раҳмонова, ӨзА