Жас өспиримлеримиз чемпионлық ушын гүрести

Нөкис қаласында спорттың баскетбол 3х3 түринен U-14 жас өспиримлер арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.
Жарысқа республикамыздың барлық аймақларындағы спорт мектеплериниң командалары қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Кескин беллесиўлерге толы болған чемпионат жуўмағында, балалар арасында биринши орынды Республикалық Жеңил атлетика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектеби командасы жеңип алыўға миясар болды. Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды Хожели ҳәм Шымбай районларының спорт мектеплери тәрбияланыўшылары ийелеўге еристи.
Қызлар арасында болса, барлық сыйлы орынларды Республикалық Жеңил атлетика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебиниң 2-1-3 командалары жеңип алып, өз устазларын қуўанышқа бөледи.
Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм медальлар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы