Үнемлеў режеси өндиристи кемейтиў ямаса қандай да бир қәрежетти кейинирекке қалдырыў есабынан болмаўы керек

3

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тармақ ҳәм аймақларда жоқары экономикалық өсиў пәтлерин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған мәжилис болып өтпекте.

Өткен жылы Миллий инвестиция қоры шөлкемлестирилип, дүньядағы абырайлы «Franklin Templeton» компаниясының басқарыўына берилди.

Бул компания бир жыл даўамында стратегиялық кәрханалардың жумысын таллады. Экспертлер “кәрхана басшыларында корпоратив мәденият жетиспейди, қәрежетти қысқартыў, пайданы арттырыў бойынша резерв көп”, деп атыр.

Буның ушын 19 стратегиялық кәрхананың басшысы сатып алыў системасы, логистика, санластырыў, энергия нәтийжелилиги бойынша қатты ислеўи, өзине түсер баҳаны 10-20 процентке қысқартыўы керек екенлиги көрсетип өтилди.

– Үнемлеў режеси өндиристи қысқартыў ямаса қандай да бир қәрежетти кешиктириў есабынан емес, ал бир бирлик өнимниң өзине түсер баҳасын қысқартыў арқалы тәмийинлениўи шәрт, – деди Президентимиз.

Стратегиялық кәрханаларды “Бирден-бир ғазнашылық” мәлимлеме системасы менен қамтып алыў, барлық сатып алыўларды риск-таллаў тийкарында “қызыл,” “сары” ҳәм “жасыл” категорияларға ажыратып, нәтийжесиз қәрежетлерге пүткиллей шек қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

ӨзА