Шығынды қутыларынан дурыс пайдаланыў ҳәмме ушын жуўапкершилик

Шығынды қутылары жәмийетлик турмыста үлкен әҳмийетке ийе болған әпиўайы, бирақ зәрүр қураллардан бири болып есапланады. Олар қоршаған орталықты таза сақлаў, санитариялық жағдайды жақсылаў ҳәм халықтың саламатлығын қорғаўда үлкен орын ийелейди.
Шығынды қутыларынан дурыс пайдаланыў халықтың экологиялық мәдениятын арттырады. Ҳәр бир инсан шығындысын белгиленген орынға таслаўға әдетленсе, жәмийетте тазалыққа болған жуўапкершилик күшейеди.
Шығынды қутылары ким тәрепинен ҳәм қандай тәртипте орнатылады?
Экология ҳәм климат өзгериўи комитети жанындағы Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигиниң мағлыўматларына бола, мәмлекетимизде аймақлардың тазалығын сақлаў ҳәм шығындыларды тәртипли жайластырыў ҳәм жыйнаў мақсетинде арнаўлы шығынды қутыларын (урналар) орнатыў бойынша анық нормалар белгиленген.

Әмелдеги тәртипке тийкарланып, көп квартиралы турақ жайларға турақ жай мүлк ийелери ширкетлери ямаса басқарыў шөлкемлери тәрепинен ҳәр бир квартиралардың улыўма кириў жолына биреўден, шөлкемлер ҳәм саўда объектлерине, юридикалық тәреплер, шөлкемлер ҳәм уйымлардың мүлк ийелери ямаса ижарашылары тәрепинен имаратқа кириў ҳәм шығыў жолларында 1-2 қутыдан орнатылыўы керек.
Базарлар ҳәкимшилиги ямаса саўда жумысы менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлери тәрепинен ҳәр 250 м2 майдан ушын биреўден, саўда дүкәнларыныӊ қатары бойлап болса ҳәр 10 метр аралықта биреўден урна жайластырылады.
Медицина мәкемелеринде оларды баланста сақлаўшы медицина мәкемелериниң администрациялары тәрепинен ҳәўли аймағының ҳәр 700 м2 майданында биреўден, тийкарғы аллеяларда болса ҳәр 10 метр аралықта биреўден орнатылады.
Буннан тысқары, “Ташкент метрополитени” мәмлекетлик унитар кәрханасы, туннельлерде районлық ҳәм қалалық абаданластырыў басқармалары тәрепинен ҳәр бир кириў ҳәм шығыў орнында екеўден, ғалабалық көшелер ҳәм улыўма пайдаланыўдағы аймақларда Районлық ҳәм қалалық абаданластырыў басқармалары тәрепинен ҳәр 50 метрде, адам аз жерлерде болса ҳәр 100 метрден аспаған аралықта 1-2 шығынды қутылары қойылады.

Жәмийетлик транспорт бәндиргилеринде усы шөлкемлерди баланста сақлаўшы шөлкемлер тәрепинен ҳәр бир бәндиргиде 1-2 еўден, тротуарлар, магистраль көшелердиң пиядалар жолы бойлап ҳәм көпирлерде ҳәкимликлер жанындағы районлық-қалалық басқармалар тәрепинен ҳәр 50 ямаса 100 метрден аспаған аралықта ҳәрекет көплигинен келип шығып, биреўден шығынды қутысы болыўы керек.
Жәмийетлик жолаўшы транспорты және темир жол бәндиргиси аймақларында баланста сақлаўшылар ямаса транспорт шөлкемлери тәрепинен ҳәр бир бәндиргиде 1-2 шығынды қутысы қойылады. Буннан тысқары, ўақтынша саўда дүкәнлары, көшпели шақапша ямаса дүкәншаларға тутас аймақларда хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен ҳәр 5 метр радиусқа шекемги аралықта биреўден, шегиў ушын ажыратылған арнаўлы орынларда оларды баланста сақлаўшы шөлкемлер тәрепинен 1-2 арнаўлы қуты жайластырылады.
Дем алыў бағлары, қыябан ҳәм аллеяларда оларды баланста сақлаўшы шөлкемлер тәрепинен бир-биринен 40 метрден узақ болмаған аралықта орнатылып, егер объект майданы үлкен болса, ҳәр 800 м2 ушын кеминде 1 қуты туўра келиўи керек.
Тоқтаў орынлары ҳәм пляжларда оларды баланста сақлаўшы шөлкемлер тәрепинен автомобильлер туратуғын орынларға кириўде 1-2 дана, дем алыў ҳәм пляж зоналарында болса суў жағасынан 15 метр, жасыл егинлерден 3-5 метр узақлықта, яғный ҳәр 800 м2 ға 1 данадан көтериў механизмли ямаса оларды босатыў ушын алмастырылатуғын шелеклерге ийе болған көшпели шығынды қутылары орнатылыўы шәрт.
Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, шығынды қутылары толып кетпеўи, суткасына кеминде бир мәрте шығарылыўы ҳәм тазаланыўы керек.
Шығынды қутылары пайдаланыў ушын қолайлы болған орында орнатылыўы, пиядалар, майыплығы болған шахслар ҳәм балалар арбашалары және велосипедлердиң ҳәрекетлениўине кесент етпеўи, барлық санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиеналық нормативлерге муўапық таза ҳәм саз жағдайда сақланыўы керек. Шығынды қутыларынан дурыс пайдаланыў болса ҳәмме ушын теңдей жуўапкершилик болып есапланады.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА