Аймақлық бизнес ҳәм банк системасы: ашықтан-ашық сөйлесиўдеги тийкарғы жуўмақлар

27

Қарақалпақстан Республикасында Орайлық банк баслығы Тимур Ишметовтың қатнасыўында исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў болып өтти. Ушырасыў даўамында аймақ исбилерменлерин қыйнап киятырған банк-финанс тараўына байланыслы әҳмийетли мәселелер, финанслық хызметлерден пайдаланыўда ушырасып атырған айырым кемшиликлер ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар ҳәм шешимлер додаланды.

Ашықтан-ашық сөйлесиў форматында шөлкемлестирилген ушырасыў исбилерменлер ушын тиккелей пикир алысыў майданына айланды. Онда әмелдеги банк хызметлери, кредитлеў процесслери, есап-санақ ҳәм төлем системалары, сондай-ақ, финанслық инструментлерден пайдаланыў бойынша анық сораўлар көтерилди.

Сондай-ақ, исбилерменлер тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм мәселелер тийисли тәртипте үйренилип, оларды унамлы шешиў бойынша өз алдына “жол картасы” ислеп шығылатуғыны мәлим етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги