“Илим ҳәм ҳаял-қызлар: турақлы жәмийетке қарай” темасындағы ҳәптелик басланды

16

Ҳәптелик Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2015-жыл 22-декабрьдеги қарарында белгиленген 11-февраль – Илим тараўындағы ҳаял-қызлар халықаралық күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилмекте.

Илажлар ҳәптелиги шеңберинде Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Илимлер академиясы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги сыяқлы шөлкемлер менен биргеликте республика ҳәм аймақларда илимий-әмелий конференциялар, дөгерек сәўбетлери, руўхый-ағартыўшылық илажлар, ушырасыўлар және ҳаял-қызлардың илимий белсендилигин хошаметлеўге қаратылған бир қатар басламалар әмелге асырылады.

Бүгинги күнде елимиз ҳаял-қызлары илимниң түрли тараўларында нәтийжели излениўлер алып бармақта.

Мағлыўматларға бола, 2026-жыл январь жағдайына Илимлер академиясы системасында жәми 5 мың 243 хызметкер (2 мың 93 ҳаял-қыз), соның ишинде, 2 мың 834 илимий хызметкер (997 ҳаял-қыз), 74 академик (5 ҳаял-қыз), 494 илим докторы (117 ҳаял-қыз), 845 илим кандидаты ҳәм философия докторы (272 ҳаял-қыз) жумыс алып бармақта.

Системадағы 35 шөлкемнен бесеўинде ҳаял директорлар басшылық етпекте. Илимлер академиясы басшылығында 2024-жылдың 4-апрелинен химия-биология бағдары бойынша вице-президент Шаҳло Турдикулова өз жумысын баслады.

Илимлер академиясы жанындағы 31 илимий шөлкем докторантураларында жәми 682 (382 ҳаял-қыз) таяныш докторант, 68 (27 ҳаял-қыз) докторантлар билим алмақта.

“Илим ҳәм ҳаял-қызлар: турақлы жәмийетке қарай” ҳәптелигин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ҳәм өткериў мақсетинде Республикалық шөлкемлестириў комитети дүзилип, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен белгиленген реже тийкарында таярлық жумыслары алып барылмақта.

Бул ҳәптелик ҳаял-қызларды илимге кеңнен тартыў, олардың интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм турақлы жәмийеттиң раўажланыўында ҳаял-қызлардың орнын және де беккемлеўге хызмет етеди.

Н.Усмонова, ӨзА