Интернет арқалы исленип атырған жынаятлар да реал социаллық ҳәм материаллық зыян жеткереди

Ҳуқықый мүнәсибет
Президентимиздиң “Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў бағдарында бир пүтин мәнзилли жумыс системасын енгизиўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарында мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты тәмийинлеў мәселесине заманагөй санлы технологияларды кеңнен енгизиў арқалы қатнас жасаў айрықша әҳмийетли бағдар сыпатында белгиленди. Бул қарар жынаятшылықтың ҳәзирги күндеги түрлери барған сайын қыйынласып, дәстүрий аймақлық шегаралардан шығып, санлы мәканға көшип атырғанын инабатқа алған ҳалда қабыл етилген.
Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети Ҳуқықты тараўлараралық үйрениў факультети Изертлеў орайының Ҳуқық ҳәм санлы технологиялар изертлеў бөлиминиң киши илимий хызметкери Жавоҳир Эшонқулов усы қарар менен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарлары ҳаққында түсиник берди.
– Қарарда электрон мониторинг ҳәм таллаў мәлимлеме системаларынан пайдаланыў жынаятларды тек ғана дизимге алыў ушын емес, ал оларды алдыннан прогнозлаў ҳәм алдын алыў қуралы сыпатында көриледи. Бул қатнас жынаятшылыққа қарсы гүресиўде пүткиллей жаңа басқышты баслап береди.
Санлы технологиялар жәрдеминде мәҳәллелердеги криминоген жағдай реал ўақыт режиминде талланады, машқалалы аймақлар анықланады ҳәм мәнзилли илажлар белгиленеди. Мәселен, белгили бир аймақта интернет алдаўшылығы, телефон арқалы алдаў ямаса жеке мағлыўматлардан нызамсыз пайдаланыўға байланыслы мүрәжатлар көбейген болса, бул аймақта санлы профилактика илажларын күшейтиў зәрүрлигин көрсетеди.
Қарардағы әҳмийетли тәрепи сонда, санлы технологияларды қолланыў тек ғана техникалық мәселе сыпатында емес, ал ҳуқықый ҳәм социаллық механизм сыпатында көриледи. Яғный мәлимлеме системалары арқалы алынған мағлыўматлар тийкарында жуўапкер басшылар, профилактика инспекторлары ҳәм басқа да жуўапкер уйымлар анық ўазыйпалар менен тәмийинленеди.
Бүгинги күнде кибержынаятшылық көплеген пуқаралар тәрепинен еле жетерлише аңлап жетилмеген қәўип есапланады. Көпшилик интернет арқалы исленип атырған жынаятларды ҳақыйқый жынаят сыпатында қабыл етпейди. Қарар болса санлы орталықта жүз берип атырған ҳуқықбузарлықлар да реал социаллық ҳәм материаллық зыян жеткеретуғынын анық көрсетип берди.
Сондай-ақ, қарарда электрон қадағалаў системалары арқалы жалған есабатлар, рәсмий статистиканы жасалма түрде жақсылаў сыяқлы жағдайларды сапластырыў мақсет етилген. Бул болса жынаятшылық, соның ишинде, кибержынаятшылық жағдайын реал санлар тийкарында баҳалаў имканиятын жаратады.
Жуўмақлап айтқанда, Қарарда белгиленген санлы технологиялар ҳәм электрон қадағалаў системалары тек ғана қолайлық емес, ал жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң заманагөй, нәтийжели ҳәм турақлы қуралы болып есапланады. Бул қатнас мәҳәллелерде тек ғана физикалық емес, ал санлы қәўипсизликти де тәмийинлеўге хызмет етеди.
Гулноза Бобоева,
ӨзА