Әлийшер Наўайының естелигине гүллер қойылды (+видео)

5

9-февраль – уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 585 жыллығы мүнәсибети менен “Жазыўшылар қыябаны” байрамдай безелтилди ҳәм шайыр естелиги астында әдебий-ағартыўшылық илаж өткерилди.

Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, шайыр ҳәм жазыўшылар, дипломатлар, сырт елли мийманлар, әдебияттаныўшы илимпазлар, дөретиўшилик шөлкемлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери жыйналды.  Әлийшер Наўайы дөретиўшилигине байланыслы жаңа китаплар көрсетилди. Япония, Қытай мәмлекетинен келген студентлердиң Әлийшер Наўайы ғәззеллерин сап өзбек тилинде айтыўы жәмийетшилик тәрепинен жыллы күтип алынды.

Илажды Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Саййид ашып берди. Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң ректоры, академик Шуҳрат Сирожиддинов, Қырғызстан Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дуйшунқул Чотонов, италиялы мийман Сандро Тети шығып сөйледи. Италиялы мийман “Лисон ут-тайр”, яғный “Қуслар тили” дәстаны биринши мәрте итальян тилине аўдарылып, усы мәмлекетте басып шығарылғаны менен ўатанласларымызды қутлықлады.

Буннан соң белгили наўайытаныўшы илимпаз, Әлийшер Наўайы фондының директоры Олимжон Давлатовтың фонд тәрепинен 2025-жылы Әлийшер Наўайы дөретиўшилигин дүнья көлеминде үгит-нәсиятлаўға бағышланған жумыслар ҳаққындағы мағлыўматлары тыңланды.

Сондай-ақ, илажда шығып сөйлегенлер сөз мулкинин султаны Әлийшер Наўайының дөретиўшилиги, Наўайы данышпанлығының дүнья көлеминде тән алыныўы ҳаққында айтып берди. Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасында барған сайын раўажланып атырған мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў ҳәм 2025-жылы Ош қаласында Әлийшер Наўайы естелигиниң қурылғаны ҳаққында айтып өтилди.

Илаж соңында қатнасыўшылар Әлийшер Наўайы естелигине гүллер қойды.

Буннан соң Жазыўшылар қыябанында жазыўшы ҳәм шайырлар, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлериниң қатнасыўында әдебият ҳәм китапқумарлық илажлары болып өтти.

 

Санжар Тошпўлатов, Дониёр Якубов, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА