Саҳыпқыран Әмир Темур туўылғанының 690 жыллығы: тарийхый мийрасқа жоқары ҳүрмет

Саҳыпқыран Әмир Темур аты жәҳән тарийхының ең уллы шахслары қатарында мүнәсип орын ийелеп келмекте. Ол уллы мәмлекетлик ғайраткер, қүдиретли сәркарда ҳәм илим, мәденият ҳәм көркем өнер қәўендери сыпатында адамзат цивилизациясының раўажланыўына шексиз үлес қосқан.
Оның әдилликке тийкарланған мәмлекетшилик идеялары, күшли басқарыў системасы ҳәм ағартыўшылық сиясаты бүгинги күнде де үлкен әҳмийетке ийе.
Әне, усы уллы инсан туўылғанының 690 жыллығын кеңнен белгилеў мақсетинде Президенттиң тийисли қарары қабыл етилип, мәмлекетимизде кең көлемли ағартыўшылық ҳәм илимий илажларды шөлкемлестириў белгиленди.
Қарарға муўапық, быйылғы жылы Саҳыпқыран Әмир Темур туўылған күниниң 690 жыллығы мәмлекетимиз бойлап кеңнен белгиленеди. Бул сәне тек ғана тарийхый юбилей сыпатында емес, ал миллий өзликти аңлаў, бай руўхый мийрасты терең үйрениў ҳәм оны кең жәмийетшиликке жеткериўге қаратылған әҳмийетли процесс сыпатында қаралмақта.
Сондай-ақ, ҳәр жылы апрель айы “Әмир Темур айлығы” деп жәрияланып, билимлендириў мәкемелери, илимий орайлар ҳәм мәҳәллелерде темуртаныўшы илимпазлар, жазыўшы ҳәм көркем өнер шеберлериниң қатнасыўында ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм ағартыўшылық илажлар өткериледи.
Қарар шеңберинде 2030-жылға шекем мөлшерленген арнаўлы “жол картасы” тастыйықланды. Онда Әмир Темур ҳәм темурийлер дәўири мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қаратылған бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.
Атап айтқанда, 9-10-апрель күнлери Ислам цивилизациясы орайында “Әмир Темур ҳәм темурийлер цивилизациясының жәҳән тарийхы ҳәм мәдениятындағы орны ҳәм әҳмийети” атамасында халықаралық илимий конференция шөлкемлестириледи. Бул әнжуманда ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келген илимпазлардың қатнасыўында жаңа изертлеў нәтийжелери додаланып, илимий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге тийкар жаратылады.
Сондай-ақ, Әмир Темурдың белгили “Темур түзиклери” шығармасының илимий түсиндирме текстин бир қатар шет тиллерде, соның ишинде, парсы, араб, қытай, инглис, француз, испан ҳәм рус тиллеринде басып шығарыў режелестирилген. Бул арқалы шығарманың мазмун-мәниси дүнья жәмийетшилигине және де кеңирек жеткериледи. Буннан тысқары, “Темурийлер дәўириниң 100 сийрек ушырасатуғын қолжазбалары” ҳәм “Темурийлер дәўириниң 100 сийрек ушырасатуғын дүрданалары” атамасындағы китап-альбомлар таярланып, илимий ҳәм мәдений жәмийетшиликке усынылады.
Және бир әҳмийетли басламалардан бири, темурийлер дәўирине байланыслы дереклерди өз ишине алған электрон платформаны жаратыў болып есапланады. Бул платформа арқалы қолжазбалар, тарийхый ҳүжжетлер, илимий мақалалар ҳәм изертлеўлер электрон түрде жайластырылып, кең пайдаланыўшылар ушын ашық түрде усынылады.
Саҳыпқыран Әмир Темур туўылған күниниң 690 жыллығына бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде шөлкемлестириўши комитет қурамы да тастыйықланды. Комитет барлық илажларды муўапықластырыў, олардың мазмуны бай ҳәм тәсиршең болыўын тәмийинлеў менен шуғылланады.
Улыўма алғанда, бул қарар ҳәм режелестирилген илажлар уллы бабамыз Әмир Темурдың мийрасына болған терең ҳүрметтиң айқын көриниси болып есапланады. Бул ҳәрекетлер арқалы миллий мақтаныш сезими беккемленип, жас әўлад тарийхый естеликке ҳүрмет ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбияланады. Саҳыпқыран Әмир Темур сыяқлы уллы шахслардың мийрасы болса келешек әўлад ушын ҳәмийше илҳам дереги болып қалады.
Муҳайё Тошқораева,
ӨзА