Өзбекстан Президентиниң Пакистанға мәмлекетлик сапары басланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-февраль күни мәмлекетлик сапар менен Исламабадқа келди.
Пакистан ҳаўа аймағында жоқары мәртебели мийманның самолётына усы мәмлекет Әскерий ҳаўа күшлериниң қырыўшы самолётлары жолдаслық етти.
“Нурхон” аэропортында мәмлекетимиз басшысын Пакистан Президенти Асиф Али Зардорий, Бас министр Шаҳбоз Шариф ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Өзбекстан Президенти Исламабад қаласына келгеннен соң, “Глобаллық санаат ҳәм қорғаныў шешимлери” компаниясының бас резиденциясына барып, Қорғаныў күшлери Бас сәркардасы – Қураллы Күшлердиң қурғақлықтағы әскерлери сәркардасы, фельдмаршал Асим Мунир менен ушырасыў өткерди.

Өзбекстан менен Пакистан арасындағы көп қырлы бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыўдың тийкарғы тәреплери додаланды.

Әскерий ҳәм әскерий-техникалық тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, бүгинги күнде қәўипсизликке қәўип туўдырып атырған қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыўға айрықша итибар қаратылды.
Еки мәмлекеттиң жетекши қорғаныў санааты кәрханалары арасындағы кооперация байланысларын жеделлестириў, әскерий қәнигелерди таярлаў бағдарламаларын кеңейтиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги оқыў илажларын өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Транспорт ҳәм логистика тараўында перспективалы инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мәселелери де күн тәртибинен орын алды.
Әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша өз алдына “жол картасы”н таярлаў бойынша келисимге ерисилди.

Өзбекстан Президенти ушырасыў жуўмағында “Глобаллық санаат ҳәм қорғаныў шешимлери” компаниясының қолланбалары, соның ишинде, Пакистанның заманагөй әскерий техникасы ҳәм қурал-жарақ үлгилери менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысын Исламабад қаласында ажыратылған резиденцияда Пакистан Ислам Республикасы Бас министриниң орынбасары, сыртқы ислер министри Исҳоқ Дор күтип алды.

Бул жерде болып өткен ушырасыўда Исҳоқ Дор мәмлекетимиз басшысына өткерилиўи режелестирилген еки тәреплеме илажлардың күн тәртиби ҳаққында мағлыўмат берди.

Өзбекстан Президенти Бас министрдиң орынбасарының бул мәмлекетлик сапарды шөлкемлестириўге қосқан үлкен үлесин айрықша атап өтти.
Сапар етиў шеңберинде болып өтетуғын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилиси Өзбекстан – Пакистан стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа әмелий мазмун менен байытатуғынына исеним билдирилди.

Буннан соң Пакистан Бас министриниң резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине еки мәмлекеттиң мәмлекетлик байрақлары көтерилди ҳәм ҳүрметли қараўыл сап тартты. Мәмлекетлик гимнлер жаңлады.
Шавкат Мирзиёев ҳәм Шаҳбоз Шариф рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.







Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Исламабад қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Бас министри Шаҳбоз Шариф тар шеңберде ушырасыў ҳәм жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилисин өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы ушырасыў алдынан Бас министрди жақынласып киятырған муқаддес Рамазан айы ҳәм Пакистан күни байрамы менен қутлықлады.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан – Пакистан стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әмелий тәреплери ҳәр тәреплеме додаланды.
Кейинги жылларда өз-ара байланыслар жедел түс алғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Сиясий сөйлесиў беккемленип, парламентлераралық ҳәм уйымлараралық алмасыўлар жедел раўажланбақта.


Өткен жылдың жуўмақларына бола өз-ара саўда көлеми дерлик 500 миллион долларға жетти. Өзбекстанда Пакистан капиталының қатнасыўындағы 230 ға шамалас кәрхана жумыс алып бармақта. Еки мәмлекет арасындағы авиақатнаўлар көбейди. Банклер аралық корреспондентлик қатнасықлар беккемленбекте.
Тоқымашылық, фармацевтика, химия, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда кооперация жойбарлары табыслы әмелге асырылмақта.
Тәреплер усы сапар алдынан өткерилген сиясий мәсләҳәтлесиўлер ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилисиниң нәтийжелерин қоллап-қуўатлады.
Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан санаат өнимлериниң көргизбеси өткерилмекте.
Еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери Муўапықластырыўшы комитетиниң биринши мәжилисин жақын күнлерде Ташкентте өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.


Исбилермен топарлар арасында узақ мүддетли бирге ислесиўди орнатыў мақсетинде Өзбекстан – Пакистан Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.
Жақын келешекте өз-ара товар алмасыўды 2 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Әмелдеги Жеңиллетилген саўда келисими шеңбериндеги өнимлердиң түрин, сондай-ақ, Өзбекстан аўыл хожалығы өнимлери ушын фитосанитариялық руқсатнамалар дизимин буннан былай да кеңейтиў және Өзбекстанның Лаҳор ҳәм Карачидағы саўда үйлеринен белсене пайдаланыў ҳаққында қарарлар қабыл етилди.
Сапарға таярлық шеңберинде аўыл хожалығы, электротехника, геология, фармацевтика, жеңил санаат, азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў ҳәм басқа да тараўларда дерлик 3,5 миллиард долларлық жойбарлар портфели қәлиплестирилди.
Транспорт ҳәм логистика байланысларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Трансаўған темир жолы жойбарын әмелге асырыўды жеделлестириў ҳәм “Пакистан – Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” транспорт коридорын раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Еки мәмлекет аймақларының өз-ара байланыслары экономикалық бирге ислесиўдиң раўажланыўының тийкарғы драйверлеринен бири сыпатында белгиленди.


Өзбекстан – Пакистан аймақлараралық форумын шөлкемлестириўге келисип алынып, оның биринши ушырасыўын усы жылы Хорезм ўәлаятында өткериў усынысы билдирилди.

Зыярат туризми тараўында системалы бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери айрықша додаланды. Еки мәмлекет халықлары арасындағы дослықты беккемлеў мақсетинде усы жылы Пакистанда Өзбекстан мәденияты ҳәптеликлери ҳәм Өзбекстан киносы күнлерин өткериўге келисип алынды.
Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы Бабурийлер мийрасын үгит-нәсиятлаў ушын Лаҳорда биргеликтеги мәденият орайын шөлкемлестириўди усыныс етти.





Сөйлесиўлер даўамында халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылып, көп тәреплеме структуралар шеңберинде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге исенимли умтылыс билдирилди.
Жуўмағында Шавкат Мирзиёев Шаҳбоз Шарифти жуўап сапары менен Өзбекстанға келиўге мирәт етти.
Жоқары дәрежедеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилисинен соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Шаҳбоз Шариф Биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Буннан тысқары, жетекшилер жанында төмендеги еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими болып өтти:
– Сыртқы ислер министрликлери арасында 2026-2028-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы;
– Өзбекстан – Пакистан Исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириў ҳаққында келисим;
– Өзбекстан – Пакистан аймақлараралық форумын шөлкемлестириў ҳаққында шәртнама;
– Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимге жаңа товарлар дизимин киргизиў ҳаққында протокол;
– Порт хызметлери ҳәм шегирмелер усыныў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Таў-кән ҳәм геология тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Аўыл хожалығы изертлеўлери ҳәм раўажланыўы тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Фармацевтика өнимлерин қадағалаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Тоқымашылық ҳәм тигиўшилик санаатында бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Санлы ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Мәденият тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Уллы Бабурийлер династиясының илимий-ағартыўшылық, мәдений ҳәм архитектуралық мийрасын сақлаў, үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳаққында келисим;
– Спорт тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Радиция ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Экология ҳәм тәбийғый апатшылықлар тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Айрықша жағдайларды басқарыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында шәртнама;
– Коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Нәшебентлик қураллары, психотроп ҳәм жаңа психоактив элементлер ҳәм олардың прекурсорларының нызамсыз айланысына қарсы гүресиў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Еркинен айырылған шахсларды жазаны өтеўди даўам еттириў ушын тапсырыў ҳаққындағы келисим;
– Өзбекстаннан Пакистанға тутыныў ушын жаңа үзилген алма, әнжир, лимон ҳәм ашшы бурыш экспорты ушын фитосанитариялық талаплар ҳаққында протокол;
– еки мәмлекет қорғаныў министрликлери арасында “жол картасы.”
Сондай-ақ, Өзбекстан – Пакистан экспертлер кеңесин шөлкемлестириў, Өзбекстан Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен Пакистан Санаат ҳәм өндирис министрлиги жанындағы Киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў басқармасы, Термиз қаласы ҳәкимлиги ҳәм Пешовар қаласы ҳәкимлиги, Самарқанд қаласы ҳәкимлиги ҳәм Исламабад қаласы ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Исламабад стратегиялық изертлеўлер институты, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети ҳәм Пешовар университети арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлерге қол қойылды.









Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилиси шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа Пакистан Миллий илим ҳәм технологиялар университетиниң ҳүрметли докторы ҳәм профессоры атақларын бериў мәресими болып өтти.

Бас министр Шаҳбоз Шариф мәмлекетимиз басшысына бул ҳаққындағы тийисли сертификатты тапсырды.


Бул атақлар Өзбекстан жетекшисиниң социаллық-экономикалық ҳәм билимлендириў тараўларындағы реформалар, мәмлекетти избе-из модернизациялаў, илим ҳәм технологияларды раўажландырыў, халықаралық бирге ислесиў ҳәм академиялық байланысларды беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын берилди.
Мәресимде Шавкат Мирзиёев Пакистан Бас министри, университет басшылығы ҳәм академиялық жәмийетшилигине жоқары атақлар ушын миннетдаршылық билдирип, билимлендириў тараўындағы байланысларды буннан былай да беккемлеў ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелерди биргеликте таярлаў әҳмийетли екенлигин атап өтти.


1991-жылы шөлкемлестирилген Миллий илим ҳәм технологиялар университети илимий излениўлер ҳәм инновациялық жумыс, магистр ҳәм докторларды таярлаў және санаат ҳәм экономика талапларына мөлшерленген әмелий изертлеўлерди алып барыў сыяқлы бағдарларды өзинде жәмлеген.


Өзбекстан Президентиниң Пакистанға мәмлекетлик сапары шеңбериндеги илажлардың гезектегиси Исламабадтағы көшелерден бирине Ташкент ҳәм жаңадан қурылатуғын бағқа Заҳириддин Муҳаммад Бабур атын бериў мәресими болды.
Өзбекстан Президентиниң Пакистанға мәмлекетлик сапары шеңбериндеги илажлардың гезектегиси Исламабадтағы көшелерден бирине Ташкент ҳәм жаңадан қурылатуғын бағқа Заҳириддин Муҳаммад Бабур атын бериў мәресими болды.
Бас министр Шаҳбоз Шариф бул қарар еки мәмлекет арасындағы жақын тарийхый ҳәм мәдений байланысларды сәўлелендириўи және Өзбекстан – Пакистан көп қырлы шериклик қатнасықларының стратегиялық дәрежесин және бир мәрте тастыйықлайтуғынын атап өтти.
Ташкент көшеси ҳәм уллы бабамыз Заҳириддин Муҳаммед Бабур аты менен аталатуғын жаңа бағ халықларымыз арасындағы дослық ҳәм мийрим-шәпәәт байланысларын және де беккемлеўге болған өз-ара умтылыс исенимли екениниң айқын белгиси болатуғыны айрықша атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Пакистан Бас министри Шаҳбоз Шариф Исламабад қаласында болып өткен Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң биринши мәжилисиниң жуўмақлары бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баянат берди.

Мәмлекетимиз жетекшиси сөзиниң алдында Пакистанға мәмлекетлик сапар менен келиў мирәти ҳәм өткерилген нәтийжели сөйлесиўлер ушын усы мәмлекет ҳүкиметиниң басшысына миннетдаршылық билдирди.

Жедел раўажланып атырған Пакистан Өзбекстанның исенимли стратегиялық шериги екени айрықша атап өтилди. Пакистан Бас министри басшылығында халықтың абаданлығын арттырыў, экономикалық өсиўди жеделлестириў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық абырайын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар Өзбекстанды қуўандырып атырғаны айтылды.
Сондай-ақ, бул сапар етиў Өзбекстан – Пакистан стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылғанының бес жыллығында өткерилип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Кейинги бес жылда өз-ара саўда 2,5 есеге, қоспа кәрханалар ҳәм жойбарлардың саны болса дерлик 3 есеге артты. Жақын келешекте саўда айланысын 2 миллиард долларға жеткериў мақсет етип қойылды. 3,5 миллиард долларлық перспективалы саўда ҳәм инвестициялық келисимлердиң портфели қәлиплестирилди.
Сөйлесиўлердиң жуўмағында Биргеликтеги декларация ҳәм бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары бойынша 30 ға шамалас әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылды.
Регионаллық бирге ислесиўди избе-из раўажландырыў арқалы Орайлық ҳәм Қубла Азияның өз-ара байланыслылығын биргеликте беккемлеўге умтылыў исенимли екени билдирилди. Халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириўге таярлық атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Пакистанның мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын жедел қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирди. Пакистанның 2025-2026-жылларда БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң ўақытша ағзасы сыпатында тынышлық ҳәм халықаралық турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерине жоқары баҳа берилди.
Фармацевтика, тоқымашылық, электротехника, таў-кән ҳәм азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша келисимге ерисилди. Транспорт ҳәм логистика байланысларын раўажландырыў және бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.

Аймақлараралық бирге ислесиўди тереңлестириў мақсетинде усы жылы Өзбекстанда биринши Аймақлараралық форумды өткериўне қарар етилди.
Буннан тысқары, биргеликте мәденият ҳәптеликлери ҳәм кинофестивальларды шөлкемлестириў, уллы ойшыллардың илимий-ағартыўшылық мийрасын үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў режелестирилмекте.
Исламабад көшелеринен бирине Ташкент аты берилгени ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдирилди.

Президентимиз, өз гезегинде, Пакистан пайтахтында уллы мәмлекетлик ғайраткер ҳәм шайыр Заҳириддин Муҳаммад Бабур атындағы бағды қурыў ҳаққында қарар қабыл етилгенин жәриялады. Бул Пакистан халқына мәмлекет ғәрезсизлиги байрамын белгилеў алдынан мүнәсип саўға болады.
Мәмлекетимиз жетекшиси Пакистан Миллий илим ҳәм технологиялар университетиниң ҳүрметли докторы ҳәм профессоры илимий атақлары берилгени ушын Пакистан тәрепине айрықша миннетдаршылық билдирди.
Шавкат Мирзиёев шығып сөйлеген сөзиниң жуўмағында ҳәммени болажақ Пакистан күни байрамы ҳәм жақынласып киятырған мүбәрек Рамазан айы менен қутлықлады.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Пакистанға мәмлекетлик сапары даўам етпекте.
ӨзА