Хорун Шариф: “Пакистан ҳәм Өзбекстан арасындағы регионаллық бирге ислесиў бүгинги күнде ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли”

16

2026-жыл 29-январь күни Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионаллық изертлеўлер институты Пакистан Регионаллық изертлеўлер институты менен биргеликте, Өзбекстанның Пакистандағы елшиханасы жәрдеминде “Өзбекстан – Пакистан: стратегиялық бирге ислесиў, өз-ара байланыслылық ҳәм өзгерип атырған дүньяда турақлы раўажланыў” атамасындағы экспертлер онлайн конференциясын шөлкемлестирди.

Әнжуманда шығып сөйлеген Пакистанның Инвестициялар бойынша кеңесиниң бурынғы баслығы Хорун Шариф Қубла ҳәм Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиў процесслерин 15-20 жылдан аслам ўақыт даўамында бақлап киятырғанын атап өтти. “Мен бул процесслердиң раўажланыўын иштен бақладым, бурын Жәҳән банкиниң Қубла ҳәм Орайлық Азия және басқа да регионларда регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша регионаллық басшысы болып ислегенмен ҳәм өз тәжирийбем менен ортақласпақшыман,” – деди ол. Эксперт шығып сөйлеген сөзин үш тийкарғы блогқа ажыратты: бирге ислесиў ушын әҳмийетлилик, интеграция ушын әмелий қураллар зәрүрлиги ҳәм инфраструктуралық байланыслылық әҳмийети.

Хорун Шариф ҳәзирги ўақытта регионаллық бирге ислесиў ушын қолайлы ўақыт екенин атап өтти. Ол глобаллық базарлардың регионаллық базарларға қарай жылысыўы – яғный “Глобалласыў 2.0″ ҳәдийсесине итибар қаратты. ” COVID-19 дан соң транспорт ҳәм қамсызландырыў қәрежетлери артты, географиялық жақынлық болса бәсекиге шыдамлылықтың тийкарғы факторына айланды”, – деди эксперт. Оның сөзлерине бола, Өзбекстан ҳәм Пакистан стратегиялық жақтан жақынлық үстинлигине ийе болып, оны экономикалық пайдаға айландырыў керек.

Эксперт интеграцияның әмелий механизмлери зәрүрлигине итибар қаратты. “Биз тек интеграция ҳаққында күтиў ҳәм айтыў менен жасаўды қәлеймиз бе ямаса реал процесслерди көрсететуғын анық қуралларды ислеп шығамыз ба?”, деп сораў берди Хорун Шариф. Оның атап өтиўинше, сиясий декларациялар ҳәм режелер бир нәрсе, трансшегаралық экономикалық институтларды жаратыў пүткиллей басқа нәрсе. “Бул еки сөз – “турақлы” ҳәм “бәсекиге шыдамлы” – жүдә әҳмийетли,” – дейди ол. Сондай-ақ, турақлылық ҳәм геосиясий соққылардан қорғаныў ушын мәмлекетлер арасындағы саўда өз-ара инвестициялар менен толықтырылыўы керек екенлигин қосымша етти.

Хорун Шариф экономикалық тиклениў қуралы сыпатында инфраструктуралық байланыслылыққа айрықша итибар қаратты: “Сораўды “еки мәмлекетти қалай байланыстырыў керек” деп емес, ал “бул байланыслылық еки мәмлекеттиң мәплери ушын қалай ислеўи керек” деп қәлиплестириў керек”. Ол әмелий қәдемлерди усынды: жеке меншик сектор ушын базарға бағдарланған қаржы институтын жаратыў ҳәм экономиканы геосиясий келиспеўшиликлерден қорғаў ушын нейтрал басқарыўға ийе биргеликтеги қурғақлық портларын шөлкемлестириў.

Эксперт, сондай-ақ, үшинши мәмлекетлерден инвестицияларды тартыў ушын бизнес әмелиятлары, бухгалтерия стандартлары ҳәм ҳуқықый тийкарларды үйлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти. “Байланыслылық жеке капиталды тартқанда ғана ислейди. Булсыз ол “гербиш ҳәм бетон” ҳәм қарыз дузағына айланады”, – деди Хорун Шариф.

Жуўмақлап, ол базарларға ҳәм инвесторлар ушын сигнал бериўи мүмкин болған киши, бирақ анық қәдемлерди әмелге асырыўға шақырды: “Ҳәммесин пул шешпейди – пулды тартып ала алатуғын структуралар шешеди”, – деди Хорун Шариф. Сондай-ақ, институционаллық база жаратыў ҳәм жеке меншик сектордың қатнасыўын турақлы ҳәм бәсекиге шыдамлы регионаллық бирге ислесиўдиң гилти сыпатында атап өтти.

Конференцияда Өзбекстан ҳәм Пакистанның жетекши “ақыл” ҳәм билимлендириў орайларының басшылары ҳәм экспертлери, бизнес ҳәм дипломатиялық миссиялардың ўәкиллери қатнасты. Илаж Өзбекстан-Пакистан бирге ислесиўи ҳәм регионаллық интеграцияны және де беккемлеў ушын экспертлер платформасын қәлиплестириў жолындағы әҳмийетли әмелий қәдем сыпатында атап өтилди.

ӨзА