Орайлық банк не себептен тийкарғы ставканы түсирмеди? (+видео)

17

Орайлық банк тәрепинен тийкарғы ставканы көрип шығыў бойынша Басқарыў мәжилисиниӊ қарары ҳаққында журналистлер ушын баспасөз әнжуманы болып өтти.

Әнжуманда мәжилисте қабыл етилген қарар ҳәм оның тийкарғы себеплери, сондай-ақ, инфляция ҳәм экономикалық белсендиликке тәсири ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берилди.

Журналистлер менен сөйлесиў процесинде Орайлық банктиң пул-кредит сиясаты, инфляцияны таргетлеў ҳәм финанслық турақлылықты тәмийинлеў механизмлери толық түсиндирилди.

Орайлық банк басқармасы экономикалық жеделликтиң жоқары пәтлери ҳәм инфляциялық қәўип-қәтерлер фондында тийкарғы ставканы жыллық 14 процент дәрежесинде сақлаў ҳаққында қарар қабыл етилгени атап өтилди.

– 2025-жылы экономикалық белсендилик күтилгенинен жоқары болып, турақлы жалпы талап факторлары инфляцияның төменлеўи динамикасында тийкарғы әҳмийетке ийе болды, – деди Орайлық банк баслығы Тимур Ишметов. – Товарлар баҳаларының өсиўи ҳәм де инфляция пәсейиўиниң төменлеўи кең көлемли өзгешеликке ийе болды. 2025-жылдың декабрь айында улыўма инфляция жыллық 7,3 процентке шекем, базалық инфляция болса 5,7 процентке шекем төменледи. Оған қатаң пул-кредит сиясаты, сум курсының беккемлениўи ҳәм импорт баҳалары үлес қосқаны атап өтилди. Соның менен бирге, айырым факторлар инфляцияның турақлы төменлеўине тосқынлық етиўи мүмкин. Хызметлер инфляциясы: талап факторлары тәсиринде улыўма инфляциядан жоқары дәрежеде сақланып қалмақта. Инфляциялық күтилмелер: декабрь айында төменлеў тенденциясы тоқтап, бираз өсиўи атап өтилди. Мәўсимлик факторлар: қыс мәўсиминде тәмийнаттағы үзилислер ҳәм айырым азық-аўқат товарлары усынысы баҳаларға басым көрсетиўи мүмкин. Сыртқы экономикалық орталықта анықсызлықлар болса да, улыўма тәсир орташа болыўы күтилмекте. Қымбат баҳалы металлар баҳаларының жоқарылығы экспорт түсимлерин қоллап-қуўатлайды.

Ишки валюта базарында экспорт түсимлери ҳәм пул өткермелери көлеми тәсиринде сум 2025-жылы 6,9 процентке беккемленди. Бул импорт инфляциясы ҳәм долларласыў дәрежесин төменлетиў, сондай-ақ, сыртқы қарызға хызмет көрсетиў қәрежетлерин азайтыўға жәрдем берди.

Ҳәзирги жеделлик фондында жылдың ақырында экономикалық өсиў пәтлери 6,5−7 процент әтирапында болыўы күтилмекте. Жаңаланған прогнозларға бола, 2026-жылдың жуўмақлары бойынша инфляция 6,5 процент әтирапында қәлиплеседи.

Орайлық банк инфляция ҳәм инфляциялық күтилмелер турақлы төменлеўде даўам етсе, келеси шереклерде тийкарғы ставканы төменлетиў имканиятын көрип шығады.

Әнжуманда Орайлық банк баслығы ҳәм басқа да басшылар мәжилис нәтийжелери, қарызлар, инфляция ҳәм экономикалық күтилмелер бойынша журналистлердиң сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап берди.

Орайлық банк басшысы коммуналлық хызметлер тарифин бир айда емес, анық бир ўақытта арттырыў усынысы инфляциялық күтиўлерди жумсартыўы мүмкин екенлигин айтты.

Әнжуманда орайлық банктиң қысқа ҳәм бирдей QR-кодлар ҳәм санлы платформалар жәрдеминде төлем системаларын жақсылаў бойынша режелери де додаланды. Бул бағдарда жаңа стандартлардың енгизилиўи режелестирилмекте.

Шаҳноза Маматуропова,

Дониёр ЁҚУБОВ (видео),

ӨзА