Өзбекстан – Корея: раўажланыў ҳәм тынышлық жолындағы избе-из бирге ислесиў

Бүгин Өзбекстан Республикасы ҳәм Корея Республикасы арасында дипломатиялық қатнасық орнатылғанына 34 жыл толды. 1992-жыл 29-январьда тырнақ тасы қойылған байланыслар өткен жыллар даўамында тереңлесип, регионаллық турақлылық, сиясий исеним ҳәм өсип баратырған улыўмалық экономикаға тийкарланған стратегиялық шериклик дәрежесине шықты.
Сиясий сөйлесиў ҳәм стратегиялық шериклик
Өзбекстан ҳәм Қубла Корея дипломатиялық байланыс орнатқаннан соң еки тәреплеме сиясий сөйлесиў системасы беккемленди. 2006-жылы қол қойылған, кейин ала 2014-жылы қатнасықты және де тереңлестириў мақсетинде жаңаланған түрде қабыл етилген биргеликтеги декларация сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шықты. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2024-жыл 14-июнь күни Корея Республикасына мәмлекетлик сапары даўамында болса мәмлекет жетекшилери Айрықша стратегиялық шерикликти буннан былай да тереңлестириў ҳәм ҳәр тәреплеме кеңейтиў ҳаққындағы билдириўге қол қойды.
Ҳәзирги күнде сиясий сөйлесиў турақлы түрге енип, ҳүкиметлер, министрликлердиң қатнасыўында жоқары дәрежедеги ушырасыўлар, видеоконференциялар шөлкемлестирилмекте. Бул еки мәмлекет басқарыў уйымлары арасындағы исенимди беккемлеўге хызмет етпекте.
Экономикалық бирге ислесиў, саўда-экономикалық байланыслар
Қубла Корея Өзбекстан ушын әҳмийетли саўда-экономикалық шерикке айланған. 2023-жылы еки тәреплеме товар алмасыў көлеми 2,5 миллиард доллар еди, 2024-жылы бул көрсеткиш 2 есеге артты. Бул байланыслар жедел ҳәм нәтийжели кеңейип атырғанынан дерек береди.
Корея Республикасы инвестициясы мәмлекетимиз экономикасында әҳмийетли орын ийелейди. Тартылған инвестицияның улыўма муғдары 7,5 миллиард доллардан асқан, бул қаржы санаат, энергетика, қурылыс, тоқымашылық ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда барған сайын кеңеймекте.
Экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири транспорт ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў болып есапланады. Мәселен, елимизде корейс технологиясы тийкарында КТХ тез жүретуғын поездлар ушын 42 вагон жеткерип бериў бойынша келисимге қол қойылғаны Өзбекстан темир жол инфраструктурасын жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.
Мәденият, билимлендириў ҳәм гуманитарлық бағдарлардағы байланыслар
Мәденият, спорт ҳәм туризм тараўларында да бирге ислесиў кеңеймекте. 2024-жыл 14-июньде Өзбекстан ҳәм Қубла Корея мәденият, спорт ҳәм туризм тараўларында бирге ислесиўди беккемлеў бойынша келисимлерге қол қойды.Бул еки халық дослығын және де беккемледи.
Сондай-ақ, университетлер ҳәм илимий орайлар арасында алмасыў бағдарламалары, илимий-изертлеў бирге ислесиўи ҳәм илимий-технологиялық жойбарлар жеделлеспекте.
Халықаралық шөлкемлер шеңберинде өз-ара қоллап-қуўатлаў сиясаты даўам етпекте. Қубла Корея тәрепи Өзбекстанның халықаралық шөлкемлерге кириўи, атап айтқанда, Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ) ҳәм “Азия бирге ислесиў қарым-қатнасы” сыяқлы майданларда қоллап-қуўатлап келмекте.
Бир сөз бенен айтқанда, бул қатнасықлар 34 жыл даўамында тек ғана рәсмий дипломатияны аңлатыў шеңберинен шығып, стратегиялық шериклик бағдарламасы сыпатында қәлиплести ҳәм барлық тийкарғы тараўларды қамтып алды. Өз-ара байланыслар экономикалық раўажланыўды хошаметлеп, регионаллық турақлылықты тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Қалаберди, еки халық арасындағы өз-ара ҳүрмет ҳәм дослық келешек әўладлар ушын жаңа имканиятлар ашпақта.
Дилшод ҲАКИМОВ,
ӨзАның хабаршысы