Пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў әҳмийетли ўазыйпа

21

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында баспасөз әнжуманы болып өтти.

Оған министрликтиң жуўапкер басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң биринши орынбасары Амангелди Пренов  2025-жыл даўамында министрлик тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди

– Министрликтиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, норма дөретиўшилиги жумысларын муўапықластырыў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары жумысларында ҳуқықты қоллаў әмелиятын турақлы ҳәм бирдей тәмийинлеў бойынша илажларды әмелге асырыў болып табылады, – дейди Амангелди Пренов. – Бул бағдарда министрлик тәрепинен өткен жыл даўамында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, физикалық ҳәм юридикалық шахслардан министрлик ҳәм район (қала) әдиллик бөлимлерине жәми 5 045 мүрәжатлар келип түсип, соннан 2 779 мүрәжат қанаатландырылды ҳәм мүрәжат ийелериниң ҳуқықлары тикленди. Соның ишинде, судларға жәми суммасы 7 млрд 151 млн сумнан артық 1 361 дана даўа арзалары киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары суд тәрепинен тиклениўине ерисилди.

– Министрликке келип түскен мүрәжатлар анализленгенде мүрәжатлардыӊ басым көпшилигин мийнет , турақ-жай, социаллық қорғаў, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ҳәм пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў тараўлары менен байланыслы екенлигин көрсетпекте, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң ҳуқықый мәлимлеме секторы баслығы Нурия Бердиниязова. –  Буннан тысқары, “ijro.gov.uz”  системасы арқалы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм аймақлардағы мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлерине келип түскен тапсырмалардың орынланыўы ҳәр айда таллаўдан өткерилип, нәтийжеси бойынша тийисли шаралар көриў ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усыныс ретинде жиберилмекте. Анықланған нызам бузылыўы жағдайлары ҳәм оларды сапластырыў бойынша министрлик тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде  нызамшылықтың дурыс тәртипке салыныўы үстинен турақлы түрде мониторинг алып барылмақта.

Өткерилген әнжуманда министрлик тәрепинен атап өтилген мағлыўматлар ҳәм бүгинги күни кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелер бойынша журналистлер тәрепинен сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы