Кореялылар менен “жасыл” дата-орай қурыў жойбары додаланды

21

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов Кореяның “Haeorum ESS Energy co.,ltd” компаниясы бас директори Ким Ки Жо менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыў даўамында аймақта заманагөй, экологиялық таза ҳәм энергия үнемлеўши “жасыл” дата-орай қурыў жойбарын әмелге асырыў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Тәреплер мәлимлеме технологиялары инфраструктурасын раўажландырыў, санлы хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм қайта тиклениўши энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша пикирлести. Атап өтилгениндей, бул жойбар аймақтың инвестициялық тартымлылығын арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм санлы экономиканы раўажландырыўға хызмет етеди.

Ушырасыў жуўмағында жойбарды әмелге асырыўдың шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тәреплери, бирге ислесиў механизмлери ҳәм алдағы әмелий қәдемлер бойынша келисимлерге ерисилди. Тәреплер бул басламаны басқышпа-басқыш турмысқа енгизиўден мәпдар екенин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги