“Мырза Улығбек избасарлары” республика таңлаўы басланды

Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў “Улығбек” қоры ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң басламасы менен республикалық көлемде қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр жылы турақлы өткерилип киятырған “Мырза Улығбек избасарлары” республикалық 2026-жылғы мәўсимине рәсмий старт берилди.
Таңлаўда өзиниң илимий-инновациялық қолланба ҳәм жойбарларына ийе болған жаслар (16-25 жас) қатнасады.
Таңлаў 3 басқышта шөлкемлестириледи ҳәм ҳәр бир басқыш жеңимпазлары тийисли муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.
Таңлаўда қатнасыўды қәлеген жаслар усы жылдың 15-февраль күнине шекем vorislar.uz сайты арқалы дизимнен өтиўи ямаса өзи билим алып атырған ЖОО жуўапкерлерине мүрәжат етиўи мүмкин.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА