Өзбекстан ҳәм АҚШ арасында стандартластырыў тараўында бирге ислесиў мәселелери додаланды

Америка Қурама Штатлары пайтахты Вашингтон қаласында Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң директоры Акмал Жуманазаров Америка Миллий стандартлар институты (ANSI) вице-президентлери Жозеф Третлер ҳәм Мери Саундерс пенен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Өзбекстанның АҚШтағы елшиханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген бул ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары арасында стандартластырыў ҳәм аккредитация тараўларындағы бирге ислесиў қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары ҳәр тәреплеме додаланды.

Ушырасыў даўамында стандартластырыў ҳәм аккредитация тараўында бирге ислесиў көлемин кеңейтиў, миллий техникалық комитетлердиң жумысын жетилистириў, Халықаралық стандартластырыў шөлкеми (ISO) ҳәм Халықаралық электроника комиссиясы (IEC) техникалық комитетлеринде Өзбекстанның қатнасыўын және де жеделлестириў, халықаралық стандартларды миллий әмелиятқа енгизиў, сондай-ақ, тараў ушын маман кадрлар таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
АҚШ тәрепи Өзбекстанның “С5+1” форматы шеңберинде Орайлық Азия ҳәм АҚШ арасындағы бирге ислесиўдеги белсене қатнасыўы, ISO ҳәм IEC шеңбериндеги ҳәрекетлери, Глобаллық сапа инфраструктурасы индексинде мәмлекет рейтингиниң 52-орынға көтерилгени, тараўға санластырыў процесслериниң избе-из енгизилип атырғаны ҳәм Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесслериниң жеделлескенин унамлы баҳалады.

Сондай-ақ, Өзбекстан стандартлар институты структурасындағы Саўдадағы техникалық тосқынлықлар бойынша мәлимлеме орайының жумысын жетилистириў, санлы ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў, қәнигелерди АҚШта тәжирийбе арттырыўға жибериў, миллий нызамшылықты ЖСШ келисимлери ҳәм нормаларына муўапықластырыў, саўдадағы техникалық тосқынлықларды сапластырыў және АҚШ базарына шығыўда стандарт талаплары бойынша тренинг ҳәм семинарлар өткериў бойынша келисимлерге ерисилди.
Ушырасыў жуўмағында Америка Миллий стандартлар институты (ANSI) ҳәм Өзбекстан техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги арасында стандартластырыў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға қаратылған бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.
Мағлыўмат ушын: Америка Миллий стандартлар институты 1918-жылы шөлкемлестирилген болып, халықаралық стандартластырыў системасында жетекши орынды иелейди. ANSI ISO шеңбериндеги 560 техникалық комитет жумысында толық ҳуқықлы ағза, 8 техникалық комитетте бақлаўшы сыпатында қатнасады ҳәм 93 техникалық секретариатты басқарады. Глобаллық сапа инфраструктурасы индексине бола, АҚШ 186 мәмлекет арасында екинши орынды ийелеп, метрология ҳәм аккредитация бағдарларында жетекши позицияларды атап өткен.
ӨзА