Қытай – Орайлық Азияның ең ири саўда шериги

6

Қытай ҳәм Орайлық Азия арасындағы саўда айланысы 2025-жылы 106,3 миллиард долларға жетти. Бул алдынғы жылға салыстырғанда 12 процентке көп. Усы тәризде ҚХР 2025-жыл Орайлық Азия мәмлекетлериниң ең ири саўда шеригине айланды. Мәмлекет Саўда министрлигиниң мағлыўматына бола, бул көрсеткиш еки регионның экономикалық байланысларында жаңа басқышты аңлатады.

Атап өтилиўинше, тийкарынан машина қурылысы, электроника ҳәм жоқары технологиялы өнимлерден ибарат Қытай экспортының баҳасы жәми 71,2 миллиард долларды қураған. Регионымыз мәмлекетлеринен болса Қытайға 35,1 миллиард долларлық товар ҳәм хызметлер кирип келген.

Бул мәмлекет Сыртқы ислер министрлиги Қытай және де нәтийжели ҳәм жоқары сапалы бирге ислесиўге ерисиў ушын регионымыз бенен шерикликти буннан былай да беккемлеўге садық екенин атап өткен.

С.Раҳимов, ӨзА