Нөкис қаласына дәслепки электробуслар алып келинди

51

Нөкис қаласында жәмийетлик транспорт хызметин раўажландырыў мақсетинде “Sapsan Trans Nókis” кәрханасы тәрепинен Қытай мәмлекетинен 24 млрд. сумлық қаржы есабынан 12 дана электробус алып келинди.

Ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Нөкис қаласына жәми 200 автобус алып келиниўи белгиленген болып, бүгинги күнде кәрханалар тәрепинен арнаўлы автотранспортларды алып келиў илажлары көрилип атырғанын айрықша атап өтиўимиз керек.

Буннан тысқары, “Sapsan Trans Nókis” кәрханасы тәрепинен Нөкис қаласында 200 автобус сыйымлылығына ийе автобус паркин қурыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги