Баслаўыштағы муғаллимлерге миллий сертификат бериў жолға қойылады – жойбар

Баслаўыш билимлендириў муғаллимлери ушын 2026-2027-оқыў жылынан баслап миллий сертификат бериў системасы әмелиятқа енгизилиўи мүмкин.
Бул бағдарда ислеп шығылған ҳүжжет жойбарына бола, қәнигелик имтиханы нәтийжелерине қарап, бул категориядағы муғаллимлерге үш жыл мүддетке әмел ететуғын А+, А, В+, В, С+, С, дәрежели электрон сертификат бериледи.
Муғаллимлер ушын миллий сертификат бериўде маманлық имтиханы баслаўыш классларда ана тили оқытыў методикасы, математика оқытыў методикасы пәнлери ҳәм муғаллимниң педагогикалық шеберлигин баҳалаў бойынша өткериледи.
Режеге бола, 2026-2027-оқыў жылынан баслап В+ ҳәм оннан жоқары дәрежедеги миллий сертификатқа ийе болған баслаўыш классларда сабақ беретуғын баслаўыш билимлендириў қәнигелигине ийе муғаллимлерге мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан, сертификаттың әмел етиў мүддети даўамында, тийисли билимлендириў тилине муўапық барлық пәнлер бойынша лаўазым мийнет ҳақысына ҳәр айда 15 процент муғдарында қосымша үстеме төлеп барылады.
Буннан тысқары, 2026-2027-оқыў жылынан баслап В+ ҳәм оннан жоқары дәрежедеги миллий сертификатқа ийе баслаўыш классларда сабақ беретуғын баслаўыш билимлендириў қәнигелигине ийе муғаллимлер педагог кадрларды кәсиплик сертификатлаўдан тиккелей өткен деп есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги