Суўық ҳаўа-райы жақынласып келмекте – Өзгидромет

“Өзгидромет” Өзбекстан аймағына суўық антициклон кирип киятырғанынан ескертти.
Мәмлекет аймағына суўық антициклон кирип келмекте. Бул процесс басқышпа-басқыш болады ҳәм антициклон кирип келиў дәўиринде атмосферада ҳаўа алмасыўы ҳәлсирейди.
Нәтийжеде, атмосфера ҳаўасында патасландырыўшы затлар ҳәм майда бөлекшелердиң (PM2,5/PM10) топланыўы бақланыўы мүмкин, бул болса ҳаўаның патасланыў көрсеткишлериниң артыўына алып келеди. Бул процесс 3 күн даўамында сақланып туради.
Кейин ала антициклонның тәсири күшейип барады ҳәм 16-17-январь күнлерине келип республика бойлап дерлик барлық аймақларда ҳаўа температурасы төменлейди. Күндизги температуралар да төменлеп, түнги ҳәм азанғы саатларда суўық күшейеди.
Соның менен бирге, антициклон нәтийжесинде жаўын-шашын болыўы да болжанбақта. Айырым аймақларда жаўын ямаса қар көринисиндеги қысқа мүддетли жаўын-шашынлар бақланады.
Жаўын-шашынлар ҳәм самал нәтийжесинде атмосферада топланған майда бөлекшелер жуўылыўы ҳәм атмосфера ҳаўасы сапасының жақсыланыўына бир қанша ўақыт себеп болыўы күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги