2029-жыл 1-февральға шекем зергерлик тараўы ўәкиллерине жеңилликлер берилмекте

16

2029-жыл 1-февральға шекем зергерлик тараўындағы ислеп шығарыўшыларға көплеген жеңилликлер берилмекте. Яғный, олардың жаратып атырған жумыс орнына қарап, сатып алып атырған қымбат баҳалы металл ҳәм алтын баҳасында (1 проценттен 4 процентке шекем) шегирме берилмекте. Ҳеш бир мәмлекетте бундай жеңиллик жоқ.

2025-жылдың өзинде зергерлик тараўында исбилерменлик субъектлериниң саны дерлик 4 есеге көбейди. Таяр зергерлик өнимлериниң экспорты 5,1 тоннаға артты. Ямаса 439 миллион долларға жетип, алдынғы жылға салыстырғанда 4,7 есеге артқан.

Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде айтып өтилди. Мәжилисте ярым таяр зергерлик буйымларын Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағынан сыртқа алып шығыў тәртибин жетилистириўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда додаланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде зергерлик санаатын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, зергерлик буйымларының экспортын арттырыўға қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, тараўда экспортёрларды қоллап-қуўатлаў, ярым таяр зергерлик буйымлары менен байланыслы процесслерди жетилистириўге байланыслы илажларды көриў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Бул нызам жойбары баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслар, олардан таярланған зергерлик ҳәм басқа да буйымлардың нызамсыз айланысын азайтыўға қаратылған. Нызам жойбары менен баҳалы металлардан таярланған ярым таяр зергерлик буйымларын Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағынан сыртқа алып шығыўда Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик ҳасыллық дәрежесин қадағалаў инспекциясының жуўмағын алыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, 2029-жыл 1-февральға шекем зергерлик тараўындағы ислеп шығарыўшыларға бир қатар жеңилликлер бериў нәзерде тутылмақта.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардың айланысы тараўындағы мәмлекетлик сиясатты жетилистириў, жергиликли зергерлик санаатын раўажландырыў, нызамлы жумыс алып барып атырған жергиликли исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА