Жетилистирилген “Өзбекстан-2030” стратегиясының жаңа редакциядағы жойбары жәмийетшилик додалаўына қойылды

6

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылдың 26-декабрь күни Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында “Өзбекстан – 2030” стратегиясын қайта көрип шығыў ўазыйпасын атап көрсетти.

2023-жылы қабыл етилген бул бағдарламалық ҳүжжет барлық тараў ҳәм тармақларда үлкен нәтийжелерге тийкар болып келмекте. Кәмбағаллық дәрежеси 11 проценттен 6,8 процентке, жумыссызлық 6,8 проценттен 4,9 процентке түсти. Жалпы ишки өним көлеми 103 миллиард доллардан 145 миллиард долларға жетти. Экспорт көлеми 25 миллиард доллардан 33,4 миллиард долларға, сырт ел инвестицияларының көлеми 17 миллиард доллардан 43 миллиард долларға артты. Сырт ел туристлериниң саны 6,6 миллионнан 8,6 миллионға, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 72 проценттен 78 процентке, жоқары билимлендириўге қамтып алыў 42 процентке, Өзбекстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатқан мәмлекетлердиң саны 144 тен 164 ке жетти.

Соның менен бирге, кейинги еки жылда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 650 ден аслам пәрман ҳәм қарары қабыл етилди. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 500 ден аслам ҳәр қыйлы дәрежедеги мәжилис, ушырасыў ҳәм презентацияларда барлық тараўлар бойынша жаңа ўазыйпалар қойылды.

Мәселен, еки жыл алдын 2030-жылға шекем жалпы ишки өнимимиздиң көлемин 160 миллиард долларға жеткериў мақсети қойылған еди. Енди бул шекке 2026-жылдың өзинде ерисилиўи күтилмекте. Мүрәжатта келеси бес жылда экономикамыздың көлемин 240 миллиард доллардан арттырыў имканияты бар екенлиги атап өтилди. Яғный, елимизде барлық тараўларда жоқары шеклер алынып атыр.

Сондай-ақ, 2023-жылы халқымыздың саны 36,7 миллионды қураған болса, бул көрсеткиш 2030-жылға барып 41 миллионға шекем артыўы прогноз етилмекте. Ҳәр бир жаңа мақсетти усы өсиўди есапқа алып белгилеў де әҳмийетли.

Буннан тысқары, жәҳән экономикасы ҳәм халықаралық қатнасықларда тенденциялар ҳәм динамика өзгермекте. Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект, халықтың талаплары да жаңа қәдемлерди, анық режелерди күн тәртибине қоймақта.

Усы өзгерислер ҳәм нәтийжелерди есапқа алып, “Өзбекстан – 2030” стратегиясының жетилистирилген жойбары ислеп шығылды. Бул бағдарда жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар және илимий орайлардың 350 ден аслам ўәкилиниң қатнасыўында Стратегиядағы барлық 444 нәтийжелилик көрсеткиши бүгинги күн көзқарасынан қайта көрип шығылды.

Соның ишинде, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбары бир қатар тәреплери менен әҳмийетли:

бириншиден, барлық көрсеткишлер мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген жаңа шеклерге бейимлестирилди ҳәм толықтырылды. Онда, ўатанласларымызға мүнәсип шараят жарататуғын, ҳәр бир инсан ҳәм шаңарақ турмысында сезилетуғын мақсетлерге айрықша итибар қаратылды;

екиншиден, барлық көрсеткишлер өлшенетуғын, яғный, сан түринде (процент, үлес, дәреже, көлем, қатнас, балл, индекс) болыўы қатаң белгиленди. Есаплап шығыў ямаса баҳалаў мүмкин болмаған, улыўма ўазыйпа, тапсырма ҳәм “сүрен” көринисиндеги көрсеткишлер шығарып тасланды (бундай бәнтлер 130);

үшиншиден, барлық нәтийжелилик көрсеткишлериниң орынланыўы 2030-жылға шекем жыллық етип белгиленди. Яғный, ҳәр бир унамлы өзгеристи жыллар кесиминде көриў имканияты жаратылды;

 төртиншиден, Стратегияда ҳәр бир министрлик ҳәм уйым өз орнын тапты. Атап айтқанда, жойбарға бола, 60 қа шамалас мәмлекетлик уйымларға тийисли нәтийжелилик көрсеткиши белгиленди;

бесиншиден, ҳәр бир нәтийжелилик көрсеткишине ерисилиўин тәмийинлейтуғын финанслық дереклер анық көрсетилди;

алтыншыдан, енди тараў, тармақ ҳәм аймақларды раўажландырыў концепциялары менен стратегиялары “Өзбекстан – 2030” стратегиясына муўапық ҳалда ислеп шығылатуғыны қатаң белгиленеди. Соның ишинде, келеси жылы 50 ден аслам усындай концепция (4), тараў ҳәм тармақларды раўажландырыў стратегиялары (38) және ҳәр бир аймақты раўажландырыў стратегияларын (14) қабыл етиў режелестирилген.

Улыўма, Стратегиядағы нәтийжелилик көрсеткишлерине ерисиў барлық дәрежедеги шөлкемлердиң ең тийкарғы ўазыйпасы есапланады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмаларына муўапық, елимиздиң келеси бес жыллық раўажланыўына байланыслы бул ҳүжжет кең жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилип, халқымыздың пикир-усыныслары тийкарында жетилистириледи.

Соған бола, Стратегия жойбары бүгин uzbekistan2030.uz   ҳәм regulation.gov.uz платформаларында жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды. Мәрҳәмат, додалаўға белсене қатнасып, пикир билдириң.

ӨзА