2026-жылы жалпы ишки өнимди 167 миллиард долларға жеткериў прогноз етилмекте

10

Келеси жылы экономикада 6,6 процент өсиўди тәмийинлеп, жалпы ишки өнимди 167 миллиард долларға жеткериў прогноз етилмекте.

Егер мийнет өнимдарлығы, энергия нәтийжелилиги ҳәм өзине түсер баҳасы бойынша көбирек исленсе, бул көрсеткишти және де арттырыў ушын барлық имканиятлар бар. Сонлықтан, санаатта “Өнимдарлық ҳәм нәтийжелиликти еки есеге арттырыў” бағдарламасы басланады.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен мийнет өнимдарлығы ҳәм энергия нәтийжелилиги бойынша өз алдына жойбар әмелге асырылады.

Бул ҳаққында мәмлекетимиз басшысының Мүрәжатында атап өтилди.

Бул жойбарға халықаралық финанс институтларынан 200 миллион доллар кредит ҳәм грант тартылып, санаат кәрханалары ушын сырт елден жоқары маманлықтағы технолог ҳәм инженерлер алып келинеди, бизнес процесслери санластырылады, энергия ҳәм басқа да қәрежетлерди қысқартыў бойынша аудитлер өткериледи, алдынғы технологиялар трансфер етиледи.

Бул бағдарда “Төртинши санаат революциясы орайы” шөлкемлестириледи. Орай тийкарында робототехника, “буйымлар интернети”, “ақыллы фабрика” сыяқлы “Индустрия 4.0” шешимлерин санаат кәрханаларында енгизиў ушын “тәртипке салыў механизми” жаратылады.

Онда кәрханалар жаңа технологияларды өндириске енгизиўден алдын оларды сынақтан өткериў имканиятына ийе болады.

ӨзА