Президент 2026-жылды “Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы,” деп жәриялаўды усыныс етти

17

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжаты даўам етпекте.

– Тарийх даўамында қандай аўыр сынақларға дус келсек те, биз бәринен бурын аўызбиршиликтен күш алдық. Машақатлы күнлерде адамларымыз, мәҳәлле халқы ийинлес болып қыйыншылықларды жеңген. Шаңарақ – шаңараққа, қоңсы – қоңсыға жәрдем берип жасаған. Биз мине усындай оғада бийбаҳа қәдириятымызға бәрқулла садық қалыўымыз, жас әўладымызды мине усы руўхта тәрбиялаўымыз керек.

Бүгинги күни жәмийетимизде ҳәр қыйлы пикир ҳәм көзқараслар болыўы тәбийғый. Бул – демократияның биринши талабы.

Бирақ, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, 38 миллионлық мәмлекетимизди  бирлестиретуғын уллы бир идея бар. Ол да болса, Ўатан мәпи, халқымыздың мәпи.

Мине, усындай уллы мақсетке ерисиўде мәҳәлле системасының орны ҳәм тәсири айрықша. Себеби, мәҳәлле тыныш ҳәм татыў болса, жәмийетимиз тыныш ҳәм аўызбиршиликли болады. Мәҳәлле раўажланса, пүткил елимиз раўажланады, – деди Президентимиз.

Усылардың барлығын есапқа алып, Президентимиз 2026-жылды елимизде “Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерлетиў жылы,” деп жәриялаўды усыныс етти.

ӨзА