Президент: ертеңги күнге исеним менен батыл баратырған, жигерли ҳәм ар-намысы жоқары миллетпиз

Президентимиз Мүрәжатында атап өткениндей, биз бүгин 38 миллионнан аслам үлкен халықпыз. Машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетимиз бенен дүньяда ҳүрметке ерисип атырған, ертеңги күнге исеним менен исенимли баратырған, мәрт ҳәм мақтанышлы миллетимиз!
– Биз өзгерислерди күтип жасамаймыз, керисинше, оларды өзимиз, өз ақыл-парасатымыз ҳәм жуўапкершиликли мийнетимиз бенен жаратамыз.
Жасларымызға қарап, олар ерисип атырған жетискенликлерди көрип, кеўлимиз таўдай көтериледи, қандай үлкен дөретиўши күш қатарымызға қосылып атырғанынан мақтанып кетемиз,-деди Президентимиз.
Әлбетте, бүгинги қыйын заманда жасларымызды ҳәр қыйлы сынақларға шыдамлы, Ўатансүйгиш инсанлар етип тәрбиялаў, халқымызды және де бирлестириў ҳәм жәмлестириўде, әлбетте, өзин-өзи басқарыўдың бийбаҳа системасы болған мәҳәллениң орны ҳәм әҳмийетиниң үлкен екени атап өтилди.
Мәҳәлле ҳәм жақсы қоңсышылық өз-ара үнлес қәдириятлар болып есапланады. Олар жәмийетте социаллық капиталды және де байытыўға шексиз үлес қосады.
Елимизде өткерилген социаллық сораўларда қатнасқанлардың 90 проценти өзин мәҳәлле жәмийетшилигиниң бир бөлеги деп есаплаўы да соннан дерек береди. Мәҳәллеге усы тийкарда Ўатан тәғдирине байланыслылық сезими жоқарылығы бул институт, бәринен бурын, социаллық тилеклеслик дереги екенин көрсетеди.
ӨзА