Студент-қызлар “Филиал маликасы” тажы ушын беллести

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис филиалында студентлер арасында ҳәр жылы өткерилиўи үрдиске айланған “Филиал маликасы” таңлаўы болып өтти.
Бул илаж жас қызлар ушын дөретиўшилик қәбилетин ҳәм сахна мәдениятын көрсетиў және жеке шеберлигин баҳалаў имканиятын береди.
Таңлаўды филиал директорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси З.Даўлетова кирис сөз бенен ашып, ҳәммени жақынласып киятырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.
Атап өтилгениндей, бундай илажлар студентлердиң дөретиўшилик потенциалын арттырыўы ҳәм өзин көрсетиўи ушын әҳмийетли сахна есапланады.
Қатнасыўшылар үш тийкарғы шәрт бойынша баҳаланды.
Жәми 6 қыз жеңимпазлық ушын гүрескен болса, төрешилер қурамының баҳалары тийкарында 2-курс, 206-топар студенти С.Базарбаева “Филиал маликасы” тажына мүнәсип, деп табылды. Сондай-ақ, қалған қатнасыўшы қызларға айрықша номинациялар бойынша дипломлар тапсырылды.
Таңлаў студентлердиң жаңа жыл байрамы руўхында өз қәбилетин көрсетиўи ҳәм жеке потенциалын раўажландырыўы ушын әҳмийетли имканият болды. Соның менен бирге, бундай илажлар филиалда мәдений орталықты жоқарылатып, жаслардың дөретиўшилик ҳәм кәсиплик потенциалын қоллап-қуўатлайды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги