Өзбекстан Президенти ЕАЭА саммитинде қатнасты

7

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-декабрь күни Санкт-Петербург қаласында Жоқары Евразия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде бақлаўшы мәмлекет басшысы статусында қатнасты.

Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың басшылығында болып өткен ушырасыўда Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин де қатнасты. ЕАЭА бақлаўшы мәмлекетлериниң басшылары – Куба Республикасы Президенти Мигель Диас-Канель ҳәм Иран Ислам Республикасы Президенти Масъуд Пезешкиян қатнасыўшыларға видеомүрәжат жоллады. Илажда мирәт етилген мәмлекет ўәкили сыпатында Индонезия Республикасының саўда министри Буди Сантосо қатнасты.

Күн тәртибинен көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, санаат кооперациясы жойбарларын қоллап-қуўатлаў, транспортты раўажландырыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери орын алды.

Өзбекстан Президенти сөзиниң басында ЕАЭА мәмлекетлери менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәмлекетимиз сыртқы экономикалық сиясатының тийкарғы бағдарларынан бири екенин атап өтти.

Кейинги төрт жылда бақлаўшы мәмлекет статусындағы бирге ислесиў дәўиринде Өзбекстанның аўқам мәмлекетлери менен товар алмасыў көлеми дерлик еки есеге артты ҳәм 20 миллиард долларға шамаласты.

Саўда, санаат, қаржы системасы, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм басқа да тараўларда 40 қа шамалас илажларды өз ишине алған Евразия экономикалық комиссиясы менен 2026-жылға шекемги бирге ислесиў режеси системалы түрде әмелге асырылмақта. Келеси жылы биргеликтеги Жумысшы топардың бесинши мәжилисин Ташкентте өткериў режелестирилген.

Өзбекстан саўда ҳәм жүк тасыўды санластырыў, электрон коммерцияны енгизиў ҳәм климаттың өзгериўине қарсы гүресиў тараўларында ЕАЭАның бир қатар тармақ бағдарламаларында белсене қатнаспақта.

Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң бул ретки мәжилиси шеңберинде Өзбекстан ҳәм ЕАЭА арасында бажыхана шегаралары арқалы өткерилип атырған товарлар ҳәм транспорт қураллары ҳаққындағы мағлыўматты алмасыў ҳаққында келисим дүзиў бойынша сөйлесиўлерди баслаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

– Шегаралараралық мағлыўматлар алмасыўы бажыхана қадағалаўының нәтийжелилигин арттырыўға, кешигиўлерди азайтыўға ҳәм транспорт системаларымызды Евразия коридорларына интеграциялаўға хызмет ететуғынына исенемиз, – деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан Президенти Евразия экономикалық аўқамы менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларына айрықша тоқтап өтти.

Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысы өз-ара товар алмасыўда саўда тосқынлықларын басқышпа-басқыш сапластырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Техникалық жақтан тәртипке салыў, санитариялық ҳәм фитосанитариялық стандартларға қатнасларды үйлестириў ушын ҒМДА ҳәм ЕАЭА институтларының жумысын муўапықластырыўды күшейтиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Усы мәниде, Өзбекстан жетекшиси артықша тәртип-қағыйдаларды сапластырыў ҳәм талапларды бирдей етиў бойынша “жол картасы”н ислеп шығыў усынысын билдирди.

Техникалық жақтан тәртипке салыў, сертификатластырыў ҳәм бажыхана ҳәкимшилигиндеги айырмашылықлар менен байланыслы мәселелерди жедел шешиў ушын тариф ҳәм тариф емес тосқынлықлар бойынша “Өзбекстан – ЕАЭА ” биргеликтеги Муўапықластырыўшы топарын шөлкемлестириў усынысы алға қойылды.

Санаат тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы машина қурылысы, энергетика, агросанаат комплекси, химия ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарлардың дизимин биргеликте дүзиўди усыныс етти.

Өзбекстанның Евразия раўажланыў банкине қосылыўы мүнәсибети менен бирге ислесиўдиң стратегиялық бағдарларын биргеликте белгилеў ҳәм тийкарғы инфраструктуралық ҳәм “жасыл” жойбарларды, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўды қамтып алған “жол картасы”н ислеп шығыў басламасы билдирилди.

Санлы технологиялар тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққында сөз етип, Өзбекстан Президенти бажыхана ҳәкимшилигин санластырыў ҳәм жүк тасыўда “үзликсиз” модельге өтиў мәселелери тийкарғы ўазыйпа екенин атап өтти.

– Санлы платформаларды, соның ишинде, электрон саўда ҳәм санлы маркировканы үйлестириў бойынша “жол картасы”н ЕАЭА менен биргеликте таярлаўды усыныс етемиз,-деди Өзбекстан Президенти.

Өзбекстан ЕАЭАның, бәринен бурын, биомедицина, жаңа материаллар, агротехнологиялар, энергетика ҳәм робототехника бағдарларындағы технологиялық платформаларына қосылыўдан мәпдар.

Туризм алмасыўын хошаметлеў ҳәм туристлик өнимлердиң өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан туризм тараўында интеграцияласқан мәлимлеме ресурсын қәлиплестириў жумысларына да қосылыўға таяр екенин билдирди.

Жуўмағында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Евразия экономикалық аўқамы менен кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы шерикликти кеңейтиўге исенимли умтылатуғынын және бир мәрте тастыйықлады.

Россия Федерациясына әмелий сапар шеңберинде Н.А.Римский-Корсаков атындағы Санкт-Петербург мәмлекетлик консерваториясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонға Лев Толстой атындағы Халықаралық тынышлық сыйлығын тапсырыў мәресими болып өтти.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин жанында халықаралық сыйлықты оның коллегия баслығы, Мариинский театрының көркемлик басшысы ҳәм бас директоры, Россия Үлкен театрының бас директоры, дирижёр Валерий Гергийев тапсырды.

Үш мәмлекет жетекшилери бул абырайлы сыйлыққа Орайлық Азия регионында тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеўге қосқан үлкен жеке үлеси ушын миясар болды.

Төрешилер қурамының қарарында атап өтилгениндей, 2025-жыл 31-март күни Хожанд қаласында үш мәмлекет басшылары Мәмлекетлик шегаралардың тутасқан ноқаты ҳаққындағы шәртнама ҳәм Мәңги дослық ҳаққындағы Хожанд декларациясына қол қойды ҳәм сол арқалы халықаралық ҳуқық үстинлигине тийкарланған улыўма ҳәм теңдей қәўипсизликти тәмийинлеў, халықлар арасында өз-ара келисим ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге үлкен үлес қосты.

Бул сыйлық инсаныйлық идеяларына садықлықты сәўлелендириўи ҳәм Орайлық Азияны тынышлық, абаданлық және дөретиўшилик мәканына айландырыў жолындағы улыўма үлесиниң тән алыныўы екени атап өтилди. Дос Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасындағы қатнасықларда жаңа бет ашылғаны үш мәмлекет халықларының сиясий ерк-ықрары, өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылыққа умтылыўы себепли болғаны атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясына әмелий сапары даўам етпекте.

 

 

ӨзА