Өзбекстан Президенти Корея Республикасы Парламентиниң Спикерин қабыллады

17

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-декабрь күни Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери парламентлери басшыларының үшинши ушырасыўында қатнасыў ушын елимизге келген Корея Республикасы Миллий Ассамблеясының Спикери У Вон Шик басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Корея Республикасы Президенти Ли Чже Мённың қызғын сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасындағы айрықша стратегиялық шерикликти, соның ишинде, парламентлердиң бирге ислесиўи арқалы буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

Сиясий ҳәм парламентлераралық байланыслар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми ҳәм Кореядан, биринши гезекте, экономиканы модернизациялаў ҳәм жоқары технологиялы санаат тармақларын раўажландырыўға қаратылып атырған инвестициялардың саны артып бармақта.

Гуманитарлық ҳәм билимлендириў алмасыўлары кеңеймекте. Өзбекстанда Корея жетекши университетлериниң төрт филиалы, сондай-ақ, мәмлекетимиз аймақларындағы профессионал билимлендириў орайлары табыслы жумыс алып бармақта.

Инфраструктураны раўажландырыў, транспорт ҳәм логистика, сийрек ушырасатуғын металлар ҳәм оғада әҳмийетли шийки затты қайта ислеў, сондай-ақ, нызам дөретиўшилиги жумысын санластырыў ҳәм басқарыўда алдынғы шешимлерди енгизиў бойынша кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў қоллап-қуўатланды.

Парламентлераралық бирге ислесиў бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм парламентлердеги “дослық топарлары” жумысын жеделлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың, соның ишинде, “Орайлық Азия – Корея Республикасы” саммити шеңбериндеги күн тәртибин пуқта таярлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

ӨзА