Республикамызда ERA университетиниң филиалын ашыў додаланды

Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Мәденият министри Б.Темирбаев ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳиндстандағы елшиханасының консулы Б.Асқаровлар Ҳиндстанның Уттар-Прадеш штатының Лакнау қаласына әмелий сапар етип, «ERA University» басшылары менен рәсмий ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда университеттиң билимлендириў, илимий ҳәм инфраструктуралық потенциалы таныстырылып, Қарақалпақстан Республикасы менен узақ мүддетли бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикирлести.
Сондай-ақ, жақын қатнасықларды орнатыў бағдарында Қарақалпақстанда ERA университетиниң филиалын ашыў мәселеси көрип шығылып, бул жойбарды әмелге асырыў бағдарында университет делегациясының республикамызға әмелий сапарын шөлкемлестириў бойынша келисип алынды.

Өткерилген ушырасыў даўамында медицина, фармацевтика ҳәм илимий изертлеўлер бағдарларында бирге ислесиў перспективалары, жақын қатнасықларды орнатыў ҳәм беккемлеў мәселелери додаланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги